Байрам илажларында миллий ҳәм халық ойынлары менен бирге ат спорты беллесиўлери шөлкемлестириледи.
Еслетип өтемиз, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев тәрепинен соңғы 3 жыл даўамында аўыл хожалығына үлкен итибар қаратылып, ҳәр жылы декабрь айының екинши екшемби күни аўыл хожалығы хызметкерлери күни сыпатында кеңнен бегиленип келинбекте.
Мағлыўмат ушын, өткен жылы өткерилген «Зүрәәт байрамы»нда арқан тартыс, теңге алар, қошқар дүгистириў, палўанлар гүреси, атларды узақ айлаўларға шабыў, ылақ ойыны сыяқлы бирнеше миллий ҳәм халық ойынларынан жарыслар өткерилип, жеңимпазлар қымбат баҳалы саўғалар, сондай-ақ, Президент саўғалары – «Кобальт» ҳәм «Спарк» автомобильлери, мотоцикллер менен сыйлықланған еди.




Ислам Матеков.
Автордың түсирген фотолары.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz


