
Бүгин, «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекетиниң Қарақалпақстан Республикалық бөлими баслығы Б.Қурбанов Халықаралық баспасөз орайының Қарақалпақстан бөлими мәжилислер залында жаслар менен ушырасыў өткерди.
Онда Б.Қурбанов елимизде өткерилетуғын үлкен сиясий процесс – сайлаўлар мүнәсибети менен «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети усы жылдың 14-декабрь күни пайтахтымыздағы И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи алдында акция өткерилетуғынлығын мәлим етти.
Акция шеңберинде концерт бағдарламасы ҳәм қызықлы викториналық ойынлар өткерилиўи жобаластырылған болып, саат 13:00 ден 17:00 ге шекем даўам етеди.
Б.Қурбановтың билдириўинше, концерт бағдарламасына өзбек эстрадасының белгили ўәкиллери де қатнасыўы күтилмекте.
Ислам Матеков.
Автордың түсирген фотосүўретлери.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz


