Telegram karinform

Экономика

  • 18.12.2019 13:39
  • 2557

«Coca-Cola» компаниясы Қарақалпақстанда ислеп шығарылатуғын қайсы өним ушын тийкарғы қарыйдар?

«Coca-Cola» компаниясы Қарақалпақстанда ислеп шығарылатуғын қайсы өним ушын тийкарғы қарыйдар?
16-декабрь күни Кегейли районындағы заманагөй санаат орынлары ҳәм әмелге асырылып атырған инвестициялық жойбарлар менен жақыннан танысыў мақсетинде Қарақалпақстандағы ғалаба хабар қураллары хызметкерлери ҳәм журналистлер ушын медиа-тур шөлкемлестирилди.
Дәслепки мәнзил «Lanko Miya» Өзбекстан-Қытай қоспа кәрханасы болды.
Қоспа кәрхана жойбарының улыўма баҳасы 6 миллион 900 мың АҚШ долларына тең болып, кәрханада жергиликли боян тамырынан ыссы экстракт ислеп шығарыў жумыслары қызғын пәтлерде алып барылмақта. Бул экстракт азық-аўқатлық өнимлерди ислеп шығарыўда қолланылатуғын тийкарғы қосымшалардың бири болып табылады.
«Coca-Cola» компаниясы Қарақалпақстанда ислеп шығарылатуғын қайсы өним ушын тийкарғы қарыйдар?
Кәрхананың қурылыс жумыслары 2017-жылы басланған болса, быйылғы жылы дәслепки өнимлер ислеп шығарылып, экспортқа жиберилди. Экспорттан түскен быйылғы пайда 2 миллион АҚШ долларын қурады.
Тийкарғы қарыйдарлар Қытай, Германия ҳәм АҚШ («Coca-Cola» компаниясы да тийкарғы қарыйдарлардың бири) мәмлекетлериндеги азық-аўқатлық өнимлерди ислеп шығаратуғын өндирислик орынлар болып табылады.
«Coca-Cola» компаниясы Қарақалпақстанда ислеп шығарылатуғын қайсы өним ушын тийкарғы қарыйдар?
Кәрханада ҳәзирги ўақытта 220 адам турақлы жумыс пенен тәмийинленген болып, олардың дерлик барлығы жергиликли пуқаралардан ибарат. Олардың жумысқа келип-кетиўине қолайлық жаратыў мақсетинде кәрхана тәрепинен бийпул велосипедлер менен тәмийинленген. Сондай-ақ, районлық транспорт басқармасы менен биргеликте жөнелисли маршрутлардың қатнаўы жолға қойылған.
«Coca-Cola» компаниясы Қарақалпақстанда ислеп шығарылатуғын қайсы өним ушын тийкарғы қарыйдар?
- Жумыслардың дерлик ҳәммеси автоматластырылған. Сол себепли бизлерге үлкен қыйыншылық туўдырмайды. 900 мың сумнан 1 миллион 500 мың сумға шекем айлық мийнет ҳақы аламыз. Барлығы өз ўақтында бериледи. Жумыс ушын арнаўлы кийимлер берилген, түслик аўқат та кәрхана тәрепинен шөлкемлестирилген, - дейди кәрхана жумысшылары.
«Coca-Cola» компаниясы Қарақалпақстанда ислеп шығарылатуғын қайсы өним ушын тийкарғы қарыйдар?
Кәрханада ислеп шығарылып атырған экстракт әпиўайы қанттан 150-200 есеге мазалы болып, қантлы диабет пенен наўқасланғанлар ушын пайдалы екенлиги анықланған.
«Coca-Cola» компаниясы Қарақалпақстанда ислеп шығарылатуғын қайсы өним ушын тийкарғы қарыйдар?
Кәрхананың жыллық қуўатлылығы 500 мың тонна боян тамыры экстрактын ислеп шығарыўға қәнигелескен. Ислеп шығарылған өнимлер турақлы түрде лабораториялық тексериўден өткериледи. Буның ушын улыўма баҳасы 100 мың АҚШ доллары болған заманагөй үскенелерден ибарат лаборатория өз жумысын алып бармақта.
Бизге мағлыўмат бериўинше, боян тамырын қайта ислеў нәтийжесинде экстракт алыўдан қалған шығындылардан жерди жумсартыў, шорын алыў сыяқлы жумысларда пайдаланыўға болады. Ҳәзирги ўақытта буны түсинип жеткен фермер хожалықларына экстракт алыўдан қалған шығындылар бийпул берилмекте. Бул аўыл хожалығында жердиң зүрәәтлилик дәрежесин арттырыў ушын хызмет етеди.
Кәрхана басшылары өз алдына үлкен мақсетлерди гөзлеген. Алдағы ўақытларда районда боян тамырын егиў жумысларына басшылық етиў, қосымша жумыс орынларын жаратыў, экстракт алыўдан қалған шығындылардан ҳәр қыйлы ағаш өнимлерин таярлаў ушын цехлар қурыў, косметология тараўындағы өндирислик кәрханалар ушын экстракт ислеп шығарыў булардың ең тийкарғылары болып табылады.
«Coca-Cola» компаниясы Қарақалпақстанда ислеп шығарылатуғын қайсы өним ушын тийкарғы қарыйдар?
«Coca-Cola» компаниясы Қарақалпақстанда ислеп шығарылатуғын қайсы өним ушын тийкарғы қарыйдар?

Ислам Матеков.
Автордың түсирген фотосүўретлери.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

    Қарақалпақстан Республикасы статистика комитетиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны