Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.12.2019 12:12
  • 936

Япония Арал бойы аймағы халқының турмыс дәрежесин жақсылаў ушын 3,2 миллион доллар ажыратады

Япония Арал бойы аймағы халқының турмыс дәрежесин жақсылаў ушын 3,2 миллион доллар ажыратады
Шавкат Мирзиёевтиң Японияға рәсмий сапары даўамында көплеген ҳүжжетлерге қол қойылды. Дүньяның ең раўажланған мәмлекетлериниң қатарына киретуғын Япония Өзбекстандағы қурамалы экологиялық жағдайда болған Арал бойы аймағы халқының турмыс дәрежесин жақсылаў ушын 346 миллион иена муғдарында бийғәрез жәрдем ажырататуғын болды (бул 3,2 миллион АҚШ доллары әтирапындағы суммаға тең), деп жазады Kun.uz сайты.
Тәреплер бул бойынша қол қойылған ноталарды алмасты. Өзбекстан тәрепи бул келисимди жоқары ҳүрмет белгиси сыпатында қабыллады.
Япония бас министри Синдзо Абэ ҒХҚ ушын өткерилген брифингде бул бойынша өз пикирлерин билдирди.
- Япония ҳүкимети Арал бойы аймағындағы қурамалы экологиялық жағдайды түсинген ҳалда бул аймақ халқының турмыс тәризин жақсылаў мақсетинде халықаралық шөлкемлер қатнасыўында өз үлесин қосыў нийетинде, - деп айтқан Япония бас министри.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған