Telegram karinform

Мәденият

  • 21.12.2019 15:28
  • 1647

Мәмлекетлик филармонияның Қарақалпақстан бөлиминиң есап бериў концерти қалай өтти?

Мәмлекетлик филармонияның Қарақалпақстан бөлиминиң есап бериў концерти қалай өтти?
20-декабрь күни пайтахтымыздағы Кино-концерт залында Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң есап бериў концерти болып өтти.
Қурамында «Әмиў толқыны» фольклор-этнографиялық, «Гүлзар» фольклор, «Мухаллес» дуўтаршылар, «Қосық ҳәм аяқ-ойын» ансамбльлери, сондай-ақ, «Халық сазлары» оркестри жумыс алып барып атырған мәмлекетлик филармонияның Қарақалпақстан бөлиминиң бул сапарғы есап бериў концерти толығы менен жанлы ҳаўазда атқарылды. Бул болса концертке жыйналған көп санлы тамашагөйлердиң кеўиллерине өзгеше илҳәм-йош, көтериңкилик бағышлады.
Жуўмақланыў алдында турған быйылғы жыл мәмлекетлик филармонияның Қарақалпақстан бөлими ушын табысларға, жетискенликлерге толы жыл болды.
Атап айтқанда, Сурхандәрья ўәлаятының Термиз қаласында өткерилген I Халықаралық бақсышылық фестивалында «Мухаллес» дуўтаршылар ансамблиниң бақсы-сазендеси, Қарақалпақстан халық бақсысы Гүлнара Алламбергенова сыйлы 3-орынды ийеледи.
24-сентябрь – 2-октябрь күнлери аралығында филармонияның «Әмиў толқыны» фольклор-этнографиялық ансамбли ағзалары Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 28 жыллығына арнап Бельгия, Нидерландия ҳәм Люксембург мәмлекетлеринде өткерилген байрам илажларында қатнасып, Европа халықларына елимиздиң көркем өнерин көрсетип қайтты.
Сондай-ақ, 24-25-сентябрь күнлери Қазақстан Республикасының Атыраў қаласында Әзидолла Есқалиев атындағы V Халықаралық «Алтын домбыра» фестивалында филармонияның «Халық сазлары» оркестри сазендеси Ниязбек Асқаров қатнасып, диплом менен сыйлықланды.
Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 28 жыллық байрамы мүнәсибети менен Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң директоры, жыраў Бахтыяр Есемуратов ҳәм «Мухаллес» дуўтаршылар ансамблиниң бақсы-сазендеси Улбосын Орынбаева «Шуҳрат» медалы менен сыйлықланған болса, «Әмиў толқыны» фольклор-этнографиялық ансамблиниң аяқ-ойыншысы Зийўар Жақсыбаеваға «Қарақалпақстан Республикасында хызмет көрсеткен артист» ҳүрметли атағы берилди.
Филармонияның аяқ-ойыншылары усы жылдың сентябрь айында болып өткен «Рақс сеҳри» фестивалында қатнасып, қарақалпақ миллий аяқ-ойынларын шеберлик пенен атқарып шықты ҳәм «Ең жақсы аяқ-ойын атқарыўшысы», «Миллий липаслардың негизин дәстүрий даўам еттирип киятырған жәмәәт» номинациялары бойынша жеңимпаз болды.
Сондай-ақ, филармонияның қосықшылары, сазенделери ҳәм аяқ-ойыншылары республикамыздағы ҳәр бир байрамда өзлериниң өнерлерин халқымызға көрсетип келмекте.
Есап бериў концертинде халық қосық ҳәм намалары, дәстанлардан үзиндилер жанлы ҳаўазда атқарылып, аяқ-ойыншылар тәрепинен атқарылған миллий аяқ-ойынлар жыйналғанлар кеўиллерине көтериңкилик бағышлады.
Концерт бағдарламасында Ж.Маҳаммеддинова сөзине, Ә.Пахратдинов намасына «Пахтакешлер, ассалаўма әлейкум!» қосығы биринши мәрте атқарылды.
Мағлыўмат ушын, халқымыздың руўхый дәрежесин арттырыў, өсип киятырған әўладты музыкалық-эстетикалық жақтан тәрбиялаў системасын жетилистириў ҳәм миллий, академиялық және заманагөй көркем өнерди үгит-нәсиятлаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 27-июньдағы «Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы жумысларын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы ҳәм оның аймақлық бөлимлери шөлкемлестирилген еди.
Мәмлекетлик филармонияның Қарақалпақстан бөлиминиң есап бериў концерти қалай өтти?
Мәмлекетлик филармонияның Қарақалпақстан бөлиминиң есап бериў концерти қалай өтти?
Мәмлекетлик филармонияның Қарақалпақстан бөлиминиң есап бериў концерти қалай өтти?
Мәмлекетлик филармонияның Қарақалпақстан бөлиминиң есап бериў концерти қалай өтти?
Мәмлекетлик филармонияның Қарақалпақстан бөлиминиң есап бериў концерти қалай өтти?

Ислам Матеков.
Автордың түсирген фотосүўретлери.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

    Түнги ўақытта саат 23.00 ден 06.00 ге шекем пуқаралардың тынышлығын ҳәм нормал дем алыўын бузыў,