Telegram karinform

Жәмийет

  • 22.12.2019 14:07
  • 1293

Ҳәр бир сайлаўшы өз келешеги ушын даўыс бермекте

Пайтахтымыздағы 16-сайлаў участкасында сайлаў процесинде даўыс бериўшилер ушын барлық шараятлар жаратылған болып, халықаралық, сондай-ақ, сиясий партиялардың бақлаўшылары келип, сиясий процесте пуқаралардың қатнасыўын бақлап бармақта.
Сайлаў участкасында даўыс бериўшилер тийкарынан 56-санлы «Дослық гүзары» мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары болып, улыўма 2393 сайлаўшы дизимге алынған. Солардан 38 жас быйыл биринши мәрте өзлери мүнәсип деп билген талабанларға даўыс бермекте.
- Сайлаў участкасында сайлаўшыларды дизимге алып, сайлаў бюллетеньлерин берип атырмыз. Быйылғы жылдағы сайлаўлар «Жаңа Өзбекстан: Жаңа сайлаўлар» ураны тийкарында үлкен шөлкемлескенлик пенен өтпекте. Сайлаўшылардың сиясий билимлери де алдынғы сайлаўларға қарағанда артқанлығын бақладым. Алдынғы сайлаўларда бир шаңарақтан, ҳәттеки, бир көшеден бир адам сайлаўшылардың паспортларын жыйнап алып келип, даўыс беретуғын еди. Быйылғы жылы участкамыздағы ҳәр бир сайлаўшының өзи келип, өзи мүнәсип көрген талабанға даўыс бермекте. Бул болса халқымыздың сиясий билимлериниң, өз келешегине болған үлкен исенимниң артқанлығынан дәрек бермекте, - дейди 16-сайлаў участкасының сайлаў комиссиясының ағзасы Азамат Әметов.
Мағлыўмат ушын, Қарақалпақстан Республикасында улыўма 995 320 сайлаўшы дизимге алынған болып, саат 13:00 ге шекем олардың 39,8% и даўыс бериўге қатнасқан.
Еслетип өтемиз, сайлаўда даўыс бериў саат 20:00 ге шекем даўам етеди.
Ҳәр бир сайлаўшы өз келешеги ушын даўыс бермекте
Ҳәр бир сайлаўшы өз келешеги ушын даўыс бермекте
Ҳәр бир сайлаўшы өз келешеги ушын даўыс бермекте
Ҳәр бир сайлаўшы өз келешеги ушын даўыс бермекте
Ҳәр бир сайлаўшы өз келешеги ушын даўыс бермекте
Ҳәр бир сайлаўшы өз келешеги ушын даўыс бермекте
Ҳәр бир сайлаўшы өз келешеги ушын даўыс бермекте
Ҳәр бир сайлаўшы өз келешеги ушын даўыс бермекте
Ҳәр бир сайлаўшы өз келешеги ушын даўыс бермекте

Ислам Матеков.
Автордың түсирген фотосүўретлери.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған