Telegram karinform

Сиясат

  • 22.12.2019 14:54
  • 1644

Президент Шавкат Мирзиёев сайлаўда даўыс берди

Президент Шавкат Мирзиёев сайлаўда даўыс берди
Бүгин, 22-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси ҳәм халық депутатлары Кеңеслерине сайлаўлар болып өтпекте.
Президент Шавкат Мирзиёев сайлаўда даўыс берди
Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёев шаңарақ ағзалары менен биргеликте Мырза Улуғбек районындағы 162-сайлаў участкасына барып, даўыс бериўге қатнасты. Бул ҳаққында Президент баспасөз хызмети хабар берди.
Мәмлекет басшысы 162-сайлаў участкасына келген адамлар менен сәўбетлести, бирге сүўретке түсти. Биринши мәрте даўыс берген жаслар, ата-аналары менен келген балалардың оқыўына табыслар тиледи.
Президент Шавкат Мирзиёев сайлаўда даўыс берди
Нураныйлар елимизге тынышлық-аманлық, Президентимизге беккем денсаўлық тилеп, дуўаға қол жайды.
Президент Шавкат Мирзиёев сырт елли бақлаўшылар, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен де сәўбетлести. Олар сайлаўлар ашық-айдын, жоқары дәрежеде өтип атырғанын, халықтың жәмийетлик-сиясий белсендилиги артып атырғанын атап өтти.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

        Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мүбәрек Рамазан ҳайыты қарсаңында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт