Telegram karinform

Жәмийет

  • 22.12.2019 18:38
  • 1029

Қанлыкөл районында сайлаўда биринши мәрте биометриялық паспорт тийкарында шахсты идентификациялаўшы қурылма сынақтан өткерилмекте

Қанлыкөл районында сайлаўда биринши мәрте биометриялық паспорт тийкарында шахсты идентификациялаўшы қурылма сынақтан өткерилмекте
Сайлаў процесиниң әдил түрде өтиўин тәмийинлеў мақсетинде сынаў тәризинде Өзбекстандағы 20 сайлаў участкасына биометриялық паспорт тийкарында шахсты идентификациялаўшы қурылмалар орнатылған.
Бундай қурылма Қарақалпақстан Республикасы Қанлыкөл районы «Халықлар дослығы» мәкан пуқаралар жыйынындағы 1-санлы улыўма билим бериў мектеби имаратында жайласқан 281-сайлаў участкасына орнатылған.
Бул участкада улыўма сайлаўшылар саны 1129 болып, биометриялық паспорт тийкарында шахсты идентификациялаўшы қурылма арқалы сайлаўға қатнасып, мүнәсип талабанларға даўыс бермекте.
Сондай-ақ, Өзбекстан бойынша 20 сайлаў участкасында, соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасындағы 4 сайлаў участкасындағы болып атырған процеслерди онлайн режимде бақлап барыў ушын видеокамералар орнатылған. Бул болса пуқаралардың даўыс бериў процесин Орайлық сайлаў комиссиясының Халықаралық баспасөз орайына тиккелей видеотрансляция етиў имканиятын бермекте.
Мағлыўмат ушын, Қарақалпақстан Республикасында улыўма 995 320 сайлаўшы дизимге алынған болып, саат 18:00 ге шекем олардың 73,1% и даўыс бериўге қатнасқан.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған