Telegram karinform

Жәмийет

  • 24.12.2019 11:53
  • 1110

Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик гимниниң қабыл етилгенине 26 жыл толды

Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик гимниниң қабыл етилгенине 26 жыл толды
Буннан саррас 26 жыл алдын – 1993-жыл 24-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң XIV сессиясында «Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гимни ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилди.
Гимнниң сөзи Ибрайым Юсуповқа тийисли болып, музыкасын Нәжиматдин Муҳаммеддинов жазған.

Жайхун жағасында өскен байтерек,
Түби бир шақасы мың болар демек,
Сен сондай саялы, қуяшлы елсең,
Тынышлық ҳәм ығбал сендеги тилек.

Нақыраты:

Дийхан баба нәпеси бар жеринде,
Жуўсан аңқып, кийик қашар шөлинде,
«Қарақалпақстан» деген атыңды,
Әўладлар әдиўлер жүрек төринде.

Айдын келешекке шақырар заман,
Мәртлик мийнет, билим жеткизер оған,
Халқың бар азамат, дос ҳәм меҳрибан,
Еркин жайнап-жасна, мәңги бол аман.

Нақыраты:

Дийхан баба нәпеси бар жеринде,
Жуўсан аңқып, кийик қашар шөлинде,
«Қарақалпақстан» деген атыңды,
Әўладлар әдиўлер жүрек төринде.

Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гимнин төмендеги силтеме арқалы жүклеп алыўыңыз мүмкин.

УСЫ ЖЕРГЕ БАСЫҢ

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында