Илимий жаңалықларды жәриялап баратуғын дүньяға белгили «Science» журналы жуўмақланыў алдында турған жылдағы илим ушын ең әҳмийетли жаңалықты жәриялады.
Журналдың мәлим етиўинше, өтип баратырған жылдағы ең әҳмийетли жаңалық – «қара ойық»тың сүўретин жәриялаған «Event Horizon Telescope» жойбары болып табылады.
Космос кеңислиги жумбақларға толы. Мыңлаған жыллардан берли илимпазлар космостағы өзгерислер ҳәм процеслерди изертлеп келеди. Бүгинги күн илимпазларының арасында көпшиликтиң қызығыўына себепши болғаны да усы – «қара ойық» еди. Быйылғы жылы оның биринши сүўрети жәрияланды.
Галактика кеңликлериндеги «қара ойық»тың фотосын түсириў ушын илимпазлар «Event Horizon Telescope» жойбарын ислеп шықты ҳәм Жердиң ҳәр қыйлы орынларына 8 телескоп орнатып, изертлеўлерин баслаған еди. Илимпазлардың ҳәрекетлери өз нәтийжесин берип, адамзат тарийхында биринши мәрте «қара ойық»тың фотосы түсирилди. Оны фотоға түсириў, изертлеўлер алып барыў ҳәм жәриялаў ушын 2 жылға шамалас ўақыт сарпланды.
Қызықлы тәрепи сонда, журнал сайтындағы сораўнамада «қара ойық»тың фотосы ең әҳмийетли жаңалықлар арасында 1-орынды ийелемеген еди. Журнал оқыўшылары илимдеги жыл жаңалығы сыпатында Денисов үңгиринен табылған адам қалдықларын атап көрсеткен. 2-орынды болса Эбола кеселлигине ем табылғаны бойынша жойбар ийелеген. «Қара ойық»тың фотосы 15%лик нәтийже менен 3-орынды ийелеген еди.
- Быйыл илим ушын үлкен табысларға толы жыл болды. Әсиресе, «қара ойық»тың фотосүўретин көремиз, деп ҳеш биримиз ойлап та көрмеген едик. Бул ҳеш қандай сыйқыр емес, жәмәәт болып жумыс ислеў ҳәм технологияның табысы, - деп айтып өткен «Science» журналының редакторы Тим Аппенцеллер.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz