Telegram karinform

Жәмийет

  • 25.12.2019 18:24
  • 1105

Илимий дәрежеге ийе болған хызметкерлерге қосымша ҳақы төлеў тәртиби белгиленди

Илимий дәрежеге ийе болған хызметкерлерге қосымша ҳақы төлеў тәртиби белгиленди
Илим ҳәм билимлендириў тараўындағы мәмлекетлик шөлкемлерде илимий, илимий-педагогикалық жумыслар ҳәм хызмет алып барып атырған илимий дәрежеге ийе болған хызметкерлерге қосымша ҳақы төлеў тәртиби ҳаққындағы Ҳүкиметлик қарар қабыл етилди. Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы хабар берди.

Қарарға муўапық, илим ҳәм билимлендириў тараўындағы мәмлекетлик шөлкемлерде илимий, илимий-педагогикалық жумыслар ҳәм хызмет алып барып атырған илимий дәрежеге ийе болған хызметкерлердиң лаўазымлық мийнет ҳақысына:

- илим кандидаты ямаса философия докторы (PhD) илимий дәрежесине ийе болған адамлар ушын – лаўазымлық мийнет ҳақысының 30 процентине шекем;
- илим докторы (Doctor of Science) илимий дәрежесине ийе болған адамлар ушын – лаўазымлық мийнет ҳақысының 60 процентине шекем қосымша ҳақы төлеў системасы енгизилди.

Қосымша ҳақы тийисли критериялардың орынланыўын баҳалаў нәтийжелери бойынша және қурамлық бөлим басшысының усыныснамасы ҳәм шөлкемниң коллегиаллық органының қарары тийкарында ҳәр бир хызметкердиң илимий-педагогикалық ҳәм хызмет түрине қосқан үлесин есапқа алған ҳалда белгиленеди.
Қарар тийкарында, сондай-ақ, илимий дәрежеге ийе болған хызметкерлерге қосымша ҳақы төлеў тәртиби ҳаққындағы устав тастыйықланды.
Оған муўапық, қосымша ҳақы бир мәртелик ямаса айлық тәризинде белгилениўи мүмкин. Қосымша айлық төлемин белгилеўдиң ең узақ мүддети бир жылдан артып кетпеўи керек.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған