Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.12.2019 16:45
  • 1057

Президенттиң Олий Мажлиске мүрәжаты қашан болып өтетуғыны мәлим болды

Президенттиң Олий Мажлиске мүрәжаты қашан болып өтетуғыны мәлим болды
26-декабрь күни Өзбекстан Республикасының Президенти Ш.Мирзиёев Ташкентте жаңадан қурылған Абдулла Қодирий атындағы дөретиўшилик мектеби ҳәм музейин барып көрди. Мәмлекет басшысы усы жерде жазыўшы ҳәм шайырлар, әдебияттаныўшы илимпазлар және жас дөретиўшилер менен сәўбетлести.
Президент сәўбет даўамында Олий Мажлиске мүрәжаты ҳаққында да тоқталып өткен.
- Парламентке мүрәжатымыз тайын болған. Жаңа парламент сайланыўы менен, несип етсе, январь айының орталарында бул илажды да өткеремиз, - деп айтып өткенлиги ҳаққында «Kun.uz» хабар бермекте.
Дәстүрге муўапық, Өзбекстан Президентиниң Олий Мажлиске мүрәжатында жыл атамасы да усыныс етиледи.
Еслетип өтемиз, 22-декабрь күни Өзбекстанда Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ушын сайлаўлар болып өтти. Дәслепки нәтийжелерге муўапық, 150 депутатлық орынға 125 депутат сайланды. 2020-жыл 5-январь күни 25 сайлаў округинде қайта даўыс бериў өткериледи.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында