Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.01.2020 11:51
  • 1378

Базалық есаплаў муғдары өзгериссиз қалдырылды. Солай болса да, мәмлекетлик жоқары оқыў орынларында контракт суммасы көбейе ме?

Базалық есаплаў муғдары өзгериссиз қалдырылды. Солай болса да, мәмлекетлик жоқары оқыў орынларында контракт суммасы көбейе ме?
«2020-жыл ушын Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Нызамның орынланыўын тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары тийкарында 2020-жыл 1-февральдан баслап бюджет мәкемелери ҳәм шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақы, пенсиялар, стипендиялар, напақалар және кем тәмийинленген шаңарақларға берилетуғын материаллық жәрдем муғдары 1,07 есеге көбейтиледи.
Бирақ та, қарар тийкарында базалық есаплаў муғдары, яғный 223 000 сум өзгериссиз қалдырылды.
Көпшилик студентлер ҳәм олардың ата-аналары «Базалық есаплаў муғдары өзгериссиз қалдырылды. Солай болса да, мәмлекетлик жоқары оқыў орынларында контракт суммасы көбейе ме?» деген сораўға жуўап излемекте.
Хабарыңыз бар, өткен жылы «ең кем мийнет ҳақы» деген түсиник бар еди. Мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының контракт суммалары да усы «ең кем мийнет ҳақы»ға байланыстырып қойылған еди. Яғный, ең кем мийнет ҳақы көбейсе, контракт суммасы да көбейетуғын еди.
Енди «ең кем мийнет ҳақы» түсиниги «мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары» ҳәм «базалық есаплаў муғдары» деген еки бөлимге ажыратылды.
Ҳуқықтаныўшы Х.Худайбердиевтиң жазыўынша, мәмлекетлик жоқары оқыў орынларындағы контракт суммасы «мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары»на бириктирилген, «базалық есаплаў муғдары»на емес.
Демек, 1-февральдан баслап республика аймағында мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары 7% ке көбейтилетуғын болғанлықтан, мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының контракт суммасы да 7% ке көбейтиледи.
Бул оқыў жылының 2-ярым жыллығы ушын әмел етеди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында