Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.01.2020 12:24
  • 991

Төлемли контракт тийкарында оқып атырғанлар ушын салық жеңилликлери көбейди

Төлемли контракт тийкарында оқып атырғанлар ушын салық жеңилликлери көбейди
Жаңа редакциядағы Салық кодексине муўапық, буннан былай Өзбекстандағы жоқары оқыў орынларында оқып атырған студенттиң өмирлик жолдасының контракт пулы ушын өткерилетуғын мийнет ҳақы ҳәм басқа дәраматлары да салыққа тартылмайды.
Мәселен, қандайда бир пуқара ҳаялының (ямаса күйеўиниң) контракт суммасын өзиниң мийнет ҳақысы есабынан төлемекши болса, оннан дәрамат салығы услап қалынбайды.
Мағлыўмат ушын, бундай жеңиллик усы күнге шекем тек ғана өзиниң ҳәм 26 жасқа толмаған өз перзентлериниң оқыўы ушын мийнет ҳақыдан өткерилетуғын төлем ушын берилетуғын еди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған