Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.01.2020 12:26
  • 987

Арал тәғдири – келешек тәғдири

Арал тәғдири – келешек тәғдири
Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ағзаларынан ибарат бир топар жаслар Арал теңизиниң қурып қалған ултанында «Жасыл қапламалар» – қорғаў тоғайлықларын жаратыў жумысларында жергиликли ҳәм Өзбекстан Республикасының барлық ўәлаятларынан келип мийнет етип атырған жумысшылардың ҳалынан хабар алыў, олардың машақатлы мийнет процесслери менен танысыў мақсетинде сол аймақта болды.

Саяхат даўамында жаслар сексеўил ҳәм басқа да өсимликлердиӊ туқымларын жыйнаў ҳәм оларды егиў процесслери менен жақыннан танысты және жумысшыларға қол көмеклерин берип, трактор ҳәм сексеўилдиң туқымларын сеўип атырған самолётлардың басқарыўшылары менен жақыннан сәўбетлести.

Жоқары көтериңкилик руўхында болып өткен сәўбетлесиўде Арал теңизиниң қурып қалған ултанында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслардың мазмун-мәниси ҳәм жаслардың тилек усыныслары тыңланды. Қара үй ҳәм палаткалар бой тиклеген теңиздиӊ ултанында жаслар тәрепинен Ана Ўатан, Мойнақ ҳәм Арал теңизиниң ултанында әмелге асырылып атырған дөретиўшылык жумысларына үнлес қосықлар жаңлады.

–Биз бул жерге Аралды ҳәм арал апатшылығы ақыбетлерин жумсартыў жолында шын кеўилден мийнет етип атырған ўатанласларымызды өз көзимиз бенен көриў мақсетинде келдик, – деди Ниҳол сыйлығының лауреаты С.Аяпов. –Бирақ, олардың мине усындай қыйын шараятта мийнет етип атырғанлығын көрип бизлердиң де оларға жәрдем бергимиз, Арал тәғдири ушын жан күйдирип атырған пидайы инсанлардың жанында турып мийнет еткимиз келди. Өйткени, Арал тәғдири – биз келешек жаслардың да тәғдири.
Арал тәғдири – келешек тәғдири
Арал тәғдири – келешек тәғдири
Арал тәғдири – келешек тәғдири

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

Қарақалпақстанда биринши мәрте Арал мәденият саммити өткериледи

Қарақалпақстанда биринши мәрте Арал мәденият саммити өткериледи

Усы жылдың 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстанның Нөкис қаласында биринши мәрте Арал мәденият саммити болып өтеди, деп хабар...

Арал теңизиндеги Барсакелместиң жаңа сүўретлери жәрияланды

Арал теңизиндеги Барсакелместиң жаңа сүўретлери жәрияланды

    Оның узынлығы 50 километр, кеңлиги 35 километр. Бул жерде ҳақыйқатында да өмир жоқ, дуздың жоқары