НАСА илимпазлары Жерден басқа планеталарда тиришилик формаларының қашан табылатуғынлығын мәлим етти, деп хабар береди РИА Новости.
Илимпазлардың есаплаўына қарағанда, 20 жылдан соң тиришилик формалары болған планета табылады. Годдард астрономиялық изертлеў институты хызметкери Тони дель Генио усындай шешимге келген. Ол басқа планеталарда тиришилик бизлерге салыстырғанда улыўма басқаша формаларда болатуғынлығын айтпақта.
Калифорниядағы Эймс изертлеў орайының хызметкери Эндрю Рашбидиң пикиринше, Қуяш системасына киретуғын Юпитер планетасының жолдасы Европа менен Сатурн планетасының жолдасы Энцеладта тиришилик формалары болыўы мүмкин. Бул аспан денелериниң бети толық муз бенен қапланған болып, илимпазлар оның астында суў океанлары бар екенлигин анықлаған.
Ислам Матеков.