
«Истиқболли авлод» республикалық социаллық-информациялық орайының жаслары 2020-жылды «Ҳеш ким шетте қалмайды» ураны менен волонтерлар ушын шөлкемлестирилген қысқы лагерьде баслады. Лагерь 5-январьдан 11-январьға шекем болып өтти. Лагерь қатнасыўшылары Ташкент, Әндижан, Бухара, Наманган, Жиззақ, Гүлистан, Қаршы, Үргениш ҳәм Нөкис қаласынан келген орай волонтерлары болды.
Лагерьдиң биринши сессиясы Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Турақлы раўажланыў мақсетлерине арналды.
Соның менен бирге, илаж барысында 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын буннан былай да раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының мақсетлери ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Буннан тысқары, волонтерларға адам саўдасынан жәбирленгенлер, қыйын жағдайлардағы мигрантлар, зорлықтан жәбир шеккен адамлар, бир мәртелик/ўақытша жумыс излеўшилер, мектеп оқыўшылары, лицей, колледж питкериўшилеринен ибарат қатламлар көбирек ҳуқықый мәсләҳәтке ҳәм жәрдемге мүтәж екенлиги атап өтилди.
Мағлыўмат ушын, «Истиқболли авлод» республикалық социаллық-информациялық орайы ҳәр бир адамға бийпул түрде, адам саўдасы ҳәм зорлықтың басқа түрлерине қарсы гүресиў бойынша адвокатлық ҳәм ҳуқықый жәрдем, социаллық-экономикалық хызмет көрсетиў арқалы инсан ҳуқықларын тәмийинлеўдиң турақлы системасын жаратыўды өзиниң ўазыйпасы етип алған.
«Истиқболли авлод» республикалық социаллық-информациялық орайының Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң исеним телефон номери +99895 6059494.
Лола Қаллыханова,
журналист
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz