Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.01.2020 17:21
  • 1608

2019-жылы Қарақалпақстанда жол-транспорт ҳәдийсеси ақыбетинде қанша адам қайтыс болған?

2019-жылы Қарақалпақстанда жол-транспорт ҳәдийсеси ақыбетинде қанша адам қайтыс болған?
Өткен 2019-жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы бойынша улыўма 400 жол-транспорт ҳәдийсеси дизимге алынған. Бул ҳаққында бизге Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасының баспасөз топары аға инспекторы, капитан Салаўат Қәллибеков мәлим етти.
Бул бойынша көрсеткиш 2018-жылға салыстырғанда биреўге азайған – 2018-жыл даўамында 401 ЖТҲ дизимге алынған еди.
2019-жыл даўамында жүз берген жол-транспорт ҳәдийселери ақыбетинде 105 адам қайтыс болған (2018-жыл бул көрсеткиш 136 ға тең еди – И.М.) болса, 358 адам ҳәр қыйлы дәрежедеги дене жарақатын алған (2018-жылы дене жарақатын алғанлар саны 362 ге тең болған еди – И.М.).
- Республикамызда күн сайын автомобильлер де, улыўма ҳәрекет қатнасыўшылары да көбейип бармақта. Солай болса да, 2018-жылға салыстырғанда 2019-жылы жол-транспорт ҳәдийселери ҳәм олардың ақыбетинде жәбир көриў жағдайларының бираз болса да азайыўына еристик. Деген менен, бул бизди тоқтатып турмайды. Биз ҳәр бир мәкан пуқаралар жыйынлары, оқыў орынлары, автомобиль мектеплери, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик уйымларда, жолларда, халық көп топланатуғын жәмийетлик орынларда профилактикалық жумысларды турақлы түрде алып барып атырмыз. Бул бағдардағы жумысларымызды еле де нәтийжели түрде даўам еттирип барамыз, - дейди Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасының баспасөз топары аға инспекторы, капитан Салаўат Қәллибеков.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған