Telegram karinform

Жәмийет

  • 16.01.2020 16:45
  • 871

Нөкис қаласының 80% и камералар жәрдеминде қадағалаўға алынған – ИИМ

Нөкис қаласының 80% и камералар жәрдеминде қадағалаўға алынған – ИИМ
ҚР ИИМ Патруль-пост хызмети ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў басқармасының хызметкерлери тәрепинен Нөкис қаласында «Қәўипсиз қала» концепциясы бойынша 3 басқышлы – саат 08:00 ден 16:00 ге шекем, 16:00 ден 24:00 ге шекем ҳәм 24:00 ден 08:00 ге шекем – улыўма 24 саат даўамында патруль хызмети шөлкемлестирилген. Бул ҳаққында басқарма баслығы Ш.Абдуллаев бүгин, 16-январь күни болып өткен баспасөз конференциясында айтып өтти.
- Ҳәзирги ўақытта Нөкис қаласындағы улыўма 255 бақлаў камерасы жәрдеминде қаланың 80% и қадағалаўға алынған. Сондай-ақ, бул камералардан тысқары қаламыздың адамлар ең көп жыйналатуғын орынларында «SOS-камералары» да орнатылған. Олар 3 секундта ситуациялық орайға байланысып, пуқаралардың жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлық ҳәрекетлеринен жәбир көрмеўи, соның менен бирге, басқа да жәрдем керек ўақытларында мүрәжат етиўи ушын хызмет етпекте, - дейди Ш.Абдуллаев.
Сондай-ақ, Нөкис қаласының 7 орнына излеўдеги адамларды анықлаўға хызмет ететуғын арнаўлы камералар орнатылған болып, оларға излеўге берилген адамлар ҳаққындағы барлық мағлыўматлар киргизилген.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, қаламыздың ҳәр қыйлы жерлерине орнатылған бақлаў камералары жәрдеминде 2019-жылда 5 жынаят анықланған.
Патруль-пост хызмети ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў басқармасының хызметкерлери тәрепинен өткен жыл даўамында 19 жынаят тиккелей басқарма хызметкерлери тәрепинен, 56 жынаят бирге ислесиўши мәкеме ҳәм шөлкемлер менен биргеликте анықланған болып, 8 излеўдеги адам усланған.

Ислам Матеков.
Автордың түсирген фотосүўрети.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал