
Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасында 3 жерде жол-патруль хызмети постлары жумыс алып бармақта. Булар Қоңырат районындағы «Қарақалпақстан», Төрткүл районындағы «Мискин» ҳәм Нөкис қаласындағы «Бройлер» постлары болып, бул жерлерде ҚР ИИМ Патруль-пост хызмети ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў басқармасының кинология хызмети өз жумысларын алып бармақта.
Басқарма баслығы Ш.Абдуллаевтың мәлим етиўинше, өткен 2019-жылда хызмет ийтлери жәрдеминде оқ-дәрилер, нәшебентлик затларды елимизге алып кириўге ҳәрекет еткен улыўма 34 жағдай анықланды. 4 адам өлтириў жағдайы адамның жақын досты болған хызмет ийтлериниң тапқырлығы нәтийжесинде анықланған.
Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz