Telegram karinform

Жәмийет

  • 17.01.2020 18:28
  • 1231

Әмиўдәрьяда пуқара поликлиниканың екинши этажынан бойын тасламақшы болды. Не ушын?

Әмиўдәрьяда пуқара поликлиниканың екинши этажынан бойын тасламақшы болды. Не ушын?
Усы жылдың 16-январь күни Telegram мессенджеринде Қарақалпақстан Республикасы Әмиўдәрья районында психиатр қабыллаўына келген жасы шама менен 40-45 лерде болған пуқара поликлиника имаратының екинши этажынан бойын тасламақшы болғаны ҳаққындағы видеолар тарқалды. Ишки ислер министрлиги усы ўақыяға мүнәсибет билдирди.
Мәлим болыўынша, сол күни саат шама менен 08:30 ларда Әмиўдәрья районындағы «Қылышбай» АПЖ аймағында жасайтуғын пуқара профилактикалық инспектор, лейтенант А.Юлдошевке қоңыраў етип, әжағасы Қ.Э.ниң руўхый кеселлиги қозығаны, өзине пышақ урмақшы болып атырғанын хабарлаған.
Профилактикалық инспектор А.Юлдошев шақырылған мәнзилге жетип барған. Пуқара Қ.Э. өз үйинде асхана пышағын өзине урмақшы екенлигин айтып, бақырып атырғанын көрген. Оны тынышландырып, қолындағы пышақты алып қойған. Тийисли ҳүжжетлерди рәсмийлестириў ушын оны руўхый кеселликлер емлеўханасына алып барған.
«Районлық орайлық емлеўханасының екинши этажында услап турылған ўақтында пуқара Қ.Э. қашыў нийетинде екинши этаждың айнасын ашып, төменге секирмекши болған ўақытта профилактикалық инспекторлар А.Юлдошев ҳәм М.Дүйсенбаев оны услап қалған», - деп жазылған хабарда.
Ҳәзирги ўақытта Қ.Э. Нөкис қаласындағы руўхый-нерв кеселликлери емлеўханасына жатқарылған.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған