Telegram karinform

Жәмийет

  • 18.01.2020 16:15
  • 1165

2019-жылда Қарақалпақстанда неше жынаят иси көрип шығылған?

2019-жылда Қарақалпақстанда неше жынаят иси көрип шығылған?
Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судлары тәрепинен өткен 2019-жыл даўамында 1 245 адамға 1 040 жынаят иси көрип шығылған ҳәм тамамланған. Бул ҳаққында бүгин, 18-январь күни болып өткен баспасөз конференциясында ҚР жынаят ислери бойынша судының баслығы Г.Базарбаева мағлыўмат берди.
Атап өтилиўинше, 2019-жылы 2018-жылға салыстырғанда жынаят ислери 28% ке азайған. 2018-жыл 1 793 адамға қарата 1 453 жынаят иси көрип шығылған ҳәм тамамланған еди.
Районлар кесиминде Мойнақ ҳәм Хожели районларында жынаят ислери көрсеткиши бираз көбейгени мәлим болды.
Судланған адамлар өткен жылы улыўма 761 ди қураған болса, бул көрсеткиш 2018-жылға салыстырғанда 33% ке азайғанын (2018-жылы 1 137 адам судланған – И.М.) көриўимиз мүмкин.

Ислам Матеков.
Автордың түсирген фотосүўрети.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...