
Кеше, 17-ноябрь күни Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде журналистика тәлим бағдары 4-курс студентлериниӊ 2 ай даўамында өтеген өндирислик әмелиятының нәтийжелери бойынша семинар-тренинг болып өтти. Семинар-тренингди қарақалпақ филологиясы факультети деканы ф.и.к. Қ.Турдыбаев ашып берди ҳәм алып барды. Буннан соң журналистика кафедрасының баслығы ф.и.к. З.Оразымбетова әмелият даўамында студентлердиң ғалаба хабар қуралларында жәриялаған материаллары, жүзеге келген машқалалары туўралы презентация жасады.
«Бул оқыў жылында 23 студент өндирислик әмелиятта болған болса, олардың жетеўи «5» баҳасын алыўға еристи. Әмелият даўамында студентлеримиздиң «Еркин Қарақалпақстан» газетасында 14 мақала, «Қарақалпақстан жаслары» газетасында 18 мақала, «Устаз жолы» газетасында 7 мақала, «Ғәрезсизлик ҳәм Нызам» газетасында 6 мақала, «Вести Каракалпакстана» газетасында 11 мақала, «Қарақалпақ университети» газетасында 6 (сайтта 4) мақаласы жәрияланды. Сондай-ақ, «Қарақалпақстан» телевидениесинде жәми 18 көрсетиўге студентлеримиз тәрепинен рубрикалар таярланды. «Қарақалпақстан» радиосында 65 еситтириўге рубрикалар таярланған болса, «Нөкис ФМ» радиоканалында үзликсиз түрде материаллар эфирге берилди», - деп келтирип өтти кафедра баслығы З.Оразымбетова өз баянатында.

кафедра баслығы З.Оразымбетова
Семинар-тренингде «Еркин Қарақалпақстан» газетасында әмелиятын өтеген У.Қошқарова, «Қарақалпақстан» телевидениесинде әмелиятта болған М.Ибрагимова ҳәм «Қарақалпақстан» радиосында әмелиятта болған З.Хожамуратовалар өтеген әмелиятлары, жәриялаған материаллары ҳәм жүзеге келген машқалалары туўралы презентация жасады.

Әмелиятшы У.Қошқарова
Семинар-тренингде ғалаба хабар қуралларының журналистлери де қатнасты. «Қарақалпақстан спорты» газетасының бас редакторы А.Әбдиев, «Тынышлық сақшысы» газетасының бас редакторы Ж.Өтениязов, «Нөкис ФМ» радиосының директоры Б.Ельманов, «Қарақалпақстан жаслары» газетасының журналисти А.Турекеева, журналистика кафедрасы оқытыўшысы Д.Бекбаўлиевлер шығып сөйлеп, әмелиятшыларға өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирип өтти.

«Нөкис ФМ» радиосының директоры Б.Ельманов

«Қарақалпақстан жаслары» газетасының журналисти А.Турекеева
Сахибжамал Есемуратова