Telegram karinform

Сиясат

  • 21.01.2020 17:42
  • 1629

Президент қоспа мәжилисте баспасөз хаткерлери ҳаққында не деди?

Президент қоспа мәжилисте баспасөз хаткерлери ҳаққында не деди?
- Ол заманлар өтип кетти. Статистика өз жолы менен. Мине, дерлик ҳәр бир шөлкемде баспасөз хаткерлери бар. Оларға жетерли шараятларды жаратып бердик. Белгиленген бағдарламаларды ҳәр бир баспасөз хызмети, лаўазым ийеси орынлаўы шәрт. Пахтаны орынлаймыз, ғәллени орынлаймыз, деп ойнап жүретуғын заманлар өтип кетти. Заманагөй жумыс усылларына өтиўимиз керек. Унаса-унамаса заман соны талап етпекте, - деди Президент парламент палаталарының қоспа мәжилисинде.
Президент ғалаба хабар қураллары, социаллық тармақлар ҳәм веб-сайтлардан кең пайдаланыў, баспасөз конференциялары, брифинглер, медиа-турлар шөлкемлестириў кереклиги ҳәм ҳүкимет, министрлик, мәкемелер, аймақлардың басшылары ғалаба хабар қураллары, социаллық тармақларда көтерилип атырған әҳмийетли мәселелер бойынша жедел түрде шаралар көриўи ҳәм оларға принципиал түрде мүнәсибет билдириўи кереклигин айтты.
Бул бағдардағы жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў ушын ҳәр бир мәкеме өзиниң медиа-бағдарламасын ислеп шығыўы, Ҳүкимет бул мәселениң орынланыўын қатаң түрде қадағалаўы кереклиги ҳәм ҳәр бир мәкеме, министрлик мағлыўматлардың ашық-айдынлығын, жумысларын сын көзқарастан көрип, өзиниң веб-сайтлары ҳәм социаллық тармақларындағы бетлеринде мағлыўматларды турақлы түрде жәриялап, жаңалап барыўы кереклиги түсиндирилди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

        Жасалма интеллект технологияларының раўажланыўы себепли көплеген кәсиплер жоқ болып кетеди. Бул мәселеге Microsoft компаниясының тийкарын

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

        Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мүбәрек Рамазан ҳайыты қарсаңында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт

Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди

Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди

    Президент ҳүкиметке газ ҳәм электр энергиясы тарифлерин арттырыўды 1-майға шекем кешиктириўди тапсырды. Алдын 1-апрельге белгиленген