Дүньядағы бар байлықтың 86% ин адамзаттың 10% и ғана ийелеп отыр, деп хабар бермекте Densegodnya басылымы. Мағлыўматларға қарағанда, дүнья жүзиндеги барлық халықлардың топлаған байлығы бүгинги күнге келип 280 триллион долларға жеткен. Бул байлық бир жылда турақлы түрде 16,7 триллион долларға артатуғынлығы есапқа алынса, бул көрсеткиш және 61 триллион долларға көбейеди. Бул мағлыўматлар Credit Suisse Group финанслық кангломератының протоколында да көрсетип өтилди. Орташа есапта бул қаржы Жер бетиндеги ҳәр бир ересек адамға есаплағанда 56 мың 540 доллардан туўра келеди. Ал мәмлекетлер кесиминде есаплағанда, бар байлықтың үштен бир бөлеги (шама менен 96,3 триллион доллар ямаса дүнья байлығының 33% и) АҚШтың үлесине туўра келеди. Бул жерде дүнья миллионерлериниң 43% и жасайды.
Өткен жылы АҚШ байлығының өсими 8,5 триллион долларды қураған. Бул басқа мәмлекетлерге салыстырғанда абсолютлық көрсеткиш. Екинши орында 1,7 триллион доллар менен Қытай көрсетип өтилген. Ал мәмлекетлик байлықты жан басына бөлистиргенде биринши орынды Швейцария ийелейди. Бул мәмлекетте ҳәр бир пуқараға 537 мың 600 доллардан қаржы туўра келеди. Бул көрсеткиш бойынша дәслепки онлық мәмлекетлерге Европа мәмлекетлеринен биринши онлыққа Норвегия, Дания, Бельгия ҳәм Уллы Британия ҳәм Франция кирген.
Ислам Матеков.