Telegram karinform

Жәмийет

  • 24.01.2020 14:00
  • 860

1995-жылға шекем Өзбекстанға келген ҳәм жасап атырғанларға Өзбекстан пуқаралығы бериледи

1995-жылға шекем Өзбекстанға келген ҳәм жасап атырғанларға Өзбекстан пуқаралығы бериледи
Пуқаралық мәселелерине байланыслы нызамшылықты жетилистириў арқалы инсан ҳуқықларын тәмийинлеў бағдарында гезектеги әҳмийетли қәдем таслаў кереклигин турмыстың өзи талап етпекте.
Атап айтқанда, елимизде узақ ўақыттан берли жасап киятырған, бирақ Өзбекстан пуқарасы деген ҳуқықый статусқа ийе бола алмай атырған мыңлаған жерлеслеримиздиң усы машқаласын нызамлы түрде шешиў бойынша шөлкемлестириў-ҳуқықый илажларды көриў ўақты келди, деп ойлайман.
1995-жылға шекем Өзбекстанға келген ҳәм соннан берли жасап киятырған адамларға Өзбекстан Республикасының пуқаралығы автоматластырылған тәризде берилиўи керек.
Бул арқалы 50 мыңға шамалас жерлеслеримиздиң пуқаралық пенен байланыслы узақ жыллардан берли шешилмей киятырған машқалалары шешимин табады, - деди Президент.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында