Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.01.2020 15:31
  • 1569

Қанлыкөлге медиа-тур: «Район Өзбекстанның ең сулыў қалаларының бири Үргенишке уқсайды» (1-бөлим)

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм Қанлыкөл районы ҳәкимлигиниң шөлкемлестириўинде 29-январь күни ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм журналистлер, блогерлер ушын медиа-тур шөлкемлестирилди.
Районға кирип барыўдан-ақ ҳәр бир тараўдағы жаңаланыўлар, жаңа қурылыс объектлери көзге тасланып турады.
Қанлыкөлге медиа-тур: «Район Өзбекстанның ең сулыў қалаларының бири Үргенишке уқсайды» (1-бөлим)
Район ҳәкимлиги мәжилислер залында болып өткен баспасөз конференциясында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери район орайын Өзбекстанның ең сулыў қалаларының бири Үргенишке кирип келгендей болғанлығын атап өтти.
Медиа-тур даўамында райондағы бир қатар жаңадан қурып питкерилген объектлерде болдық.

Районлық медициналық бирлеспеси жанындағы 3 этажлы көп тармақлы поликлиниканың жаңа имараты қурып питкерилген. Бул жерде итибарымызды тартқан тийкарғы нәрсе – мүрәжат етиўшилердиң электрон дизими ислеп шығылғанлығы ҳәм шыпакерлердиң қабыллаўына үйинде отырып, интернет арқалы нәўбетке жазылыў имканиятының жаратылғанлығы болды. Электрон нәўбетке күнине 200 ге шамалас адамлардан мүрәжатлар болып атырғаны ҳаққында мағлыўмат берилди. Сметалық баҳасы 2 млрд 500 млн сумлық имараттың қурылыс жумыслары өткен жылдың март айында басланған болса, июнь айында жаңа имарат пайдаланыўға тапсырылды. Бул жерде халықтың денсаўлығы ушын барлық шараятлар жаратылған – дәрихана, ең соңғы маркадағы заманагөй медициналық үскенелерде өз тараўының жетик кадрлары жумыс ислемекте.
Қанлыкөлге медиа-тур: «Район Өзбекстанның ең сулыў қалаларының бири Үргенишке уқсайды» (1-бөлим)
Қанлыкөлге медиа-тур: «Район Өзбекстанның ең сулыў қалаларының бири Үргенишке уқсайды» (1-бөлим)
Қанлыкөлге медиа-тур: «Район Өзбекстанның ең сулыў қалаларының бири Үргенишке уқсайды» (1-бөлим)
Қанлыкөлге медиа-тур: «Район Өзбекстанның ең сулыў қалаларының бири Үргенишке уқсайды» (1-бөлим)

Районның дыққатқа ылайықлы орынларының бири – «Бахытлы» балалар дем алыў орайы. Бул жерде «Китап» монументи, «Билимсиз инсанның жәмийеттеги орны» естелиги ҳәм үлкен шахмат майданшасы орнатылған болып, райондағы үлкен байрам тамашалары усы жерде болып өтеди.
Қанлыкөлге медиа-тур: «Район Өзбекстанның ең сулыў қалаларының бири Үргенишке уқсайды» (1-бөлим)
Қанлыкөлге медиа-тур: «Район Өзбекстанның ең сулыў қалаларының бири Үргенишке уқсайды» (1-бөлим)
Қанлыкөлге медиа-тур: «Район Өзбекстанның ең сулыў қалаларының бири Үргенишке уқсайды» (1-бөлим)

Район орайында жайласқан мәмлекетлик хызметлер орайының жаңа имараты өткен жылы қурып питкерилген болып, сметалық баҳасы 2 млрд 820 миллион сумды қурайды. Жаңа имарат 2 этаждан ибарат болып, бул жерде пуқаралар ҳәм мүрәжат етиўшилер ушын барлық шараятлар жаратылған. Усы күнге шекем орай тәрепинен пуқараларға 22 400 ден аслам хызметлер көрсетилген. Орайға күнине 100 ден аслам адам мүрәжат етип, оларға 103 түрли хызметлер көрсетилмекте.
Қанлыкөлге медиа-тур: «Район Өзбекстанның ең сулыў қалаларының бири Үргенишке уқсайды» (1-бөлим)
Қанлыкөлге медиа-тур: «Район Өзбекстанның ең сулыў қалаларының бири Үргенишке уқсайды» (1-бөлим)

Кейинги мәнзил райондағы 1-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси болды. Бул балалар бақшасында өткен жылы ири реконструкция жумыслары алып барылған болып, реконструкцияға шекем бул бақша 120 балаға арналған болса, реконструкциядан соң 260 орынлық етилип, заманагөй түске ендирилди. Балалар ушын барлық шараятлар жаратылғанлығының гүўасы болдық.
Қанлыкөлге медиа-тур: «Район Өзбекстанның ең сулыў қалаларының бири Үргенишке уқсайды» (1-бөлим)
Қанлыкөлге медиа-тур: «Район Өзбекстанның ең сулыў қалаларының бири Үргенишке уқсайды» (1-бөлим)
Қанлыкөлге медиа-тур: «Район Өзбекстанның ең сулыў қалаларының бири Үргенишке уқсайды» (1-бөлим)
Қанлыкөлге медиа-тур: «Район Өзбекстанның ең сулыў қалаларының бири Үргенишке уқсайды» (1-бөлим)

Ислам Матеков.
Автордың түсирген фотосүўретлери.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

20-декабрь күни Қарақалпақстанда қандай ҳаўа райы бақланады?

Уқсас жаңалықлар

20-декабрь күни Қарақалпақстанда қандай ҳаўа райы бақланады?

20-декабрь күни Қарақалпақстанда қандай ҳаўа райы бақланады?

    Усы жылдың 20-22-декабрь күнлери Өзбекстан аймағына суўық ҳаўа массалары кирип келиўи күтилмекте. 20-21-декабрь күнлери Өзбекстанның

Бала пулын алып атырған шаңарақта балалардың саны көбейсе не болады?

    Министрлер Кеңесиниң 654-санлы қарары менен тастыйықланған нызамға тийкарланып, – Балалар напақасы тайынланған шаңарақта балалар саны

Китап оқығанлар оны оқымағанларға салыстырғанда көбирек өмир сүреди – изертлеў нәтийжеси

    Бүгинги күнде китап оқыйтуғын адамлар көпшиликти қураса да, технологиялар, соның ишинде интернет раўажланып, өмиримиздиң бир