Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.01.2020 17:38
  • 3432

Жасларымызды миллийлигимизден узақластырмайық... Ямаса “BACARDI” ресторанындағы унамсыз ўақыяға көзқарас

Жасларымызды миллийлигимизден узақластырмайық... Ямаса “BACARDI” ресторанындағы унамсыз ўақыяға көзқарас
Ҳәзирги күнде социаллық тармақларда пайтахтымыздағы BACARDI ресторанында бир топар жаслар тәрепинен, халқымыздың миллий менталитетине жат болған, ерси, уятлы викторина ойынларын шөлкемлестиргени ҳәм буның менен өзлерин мақтанышлы көрсетип атырғаны ҳаққындағы видео көринислер тарқалып, пүкил жәмийетимиздиң орынлы наразылықларына себепши болмақта.
Бул видео көринисти көрген жети жастан, жетпис жасқа шекемги пуқаралар өзлериниң түрли пикирлерин билдирмекте. Әлбетте, бул жәмийетимиз, халқымыз ушын унамлы қубылыс емес. Ол барлық социаллық тармақларда жәрияланып болынды. Енди оны ҳеш кимнен жасырып та, жайғастырып та болмайды. Тек, бул ўақыяның келип шығыў себеплерин, ақыбетлерин сапластырыўымыз, алдағы ўақытларда жасларымыздың тәрбиясына айрықша итибарлы болыўымыз талап етиледи.
Усы видео көринис социаллық тармақларға жайластырылған күнниң өзинде Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң жуўапкер хызметкерлери, Ҳаял-қызлар комитети, “Нураный” қоры, “Мәҳәлле”, Ишки ислер бөлими, Руўхый-ағартыўшылық орайы, Жаслар аўкамының Нөкис қалалық бөлими ҳәм басқа да тийисли тараў хызметкерлери менен BACARDI ресторанына барып, сол ўақыяның келип шығыў себеплери тезлик пенен үйренип шығылды.
Ўақыя 27-январь күни кешки пайытта усы ресторанда жүз берген. Бәрше тамашалаған, сүўретке алған. Нәтийжеде айырым жасларымыз тәрепинен социаллық тармақларға тарқатылған.
Сол күни ресторанда музыка ҳәм қосықлардың қойылыўын шөлкемлестирип жүрген, яғный, баслаўшылық еткен жигит те жоқарыда атап өтилген ерси викторина ойыны шөлкемлестирилген ўақытта оның ақыбетин ойлап көрмегени ашынарлы жағдай. Керисинше, усы ойынды жоқары дәрежеде өткериўге жақыннан жәрдем берген. Мейли, ол еле ақылы енип жетилисе қоймаған жас жигит дейик, сол күнги ресторанға басшылық етип жүрген ис басқарыўшысының “бул ўақыядан хабарсыз болып қалдым, тап сол пайытта мен сыртта жүрип едим”, деп өзин ақлағанын да ҳеш ким ойлап ойына жайғастыра алмайды (бул хызметкерлердиң аты, фамилиясын жәрияламағанды мақул көрдик).
Ресторанда ҳәр күни азанда жумыс басланардан алдын, ис басқарыўшы ҳәр бир хызметкердиң ўазыйпасын және бир мәрте еслетип, халыққа хызмет көрсетиўдиң тәртибин, қандай нәрселер ямаса ҳәрекетлер қадаған етилгенин, нелерге итибарлы болыў зәрүрлигин еслетиўи керек емеспе екен? Себеби, көпшилик жыйналатуғын жәмийетлик орын болғаннан кейин ол жерге түрли минездеги, түрли түсиниктеги адамлар келеди. Кимдур ишки тәртип-интизамнан шетлеп баратырған болса ескертилип, түсиндирилип, егер тәртипке бойсынбай баратырса тийисли уйымларға қоңыраў етилип, тәртип тәмийинленбесе ҳәр түрли унамсыз ўақыялардың жүз беретуғыны тәбийий, әлбетте. Әсиресе, жасларға, олардың орынсыз ҳәрекетлерине айрықша итибарлы болмасақ, орны толып болмас өкинишлерге алып келиўи мүмкин.
Ер жигитлердиң ҳәрекетлери онша ерси түйилмеўи мүмкин, бирақ, сол видеокөринистеги қызларымыздың уятлы ҳәрекетлери ертеңги күни өзлериниң келешегине тәсир етиўи мүмкин ғой. Олар да бир үйдиң, шаңарақтын абайлап, әлпешлеп өсирип атырған айдай перзенти емес пе... Неге биз, сиз, олар, жәмлестирип айтқанда бәршемиз де әтирапымыздағы усындай унамсыз ўақыя, ҳәдийселерге соншелли итибарсыз болып баратырмыз. Ямаса сол жаслар, сол жигит-қызлар бизлерге жат па? Өзгелердиң перзенти, деп ойлаймыз ба? Сол жаслар биримиздиң теңлесимиз, биримиздиң инимиз ямаса қарындасымыз, биримиздиң перзентимиз, ең тийкарғысы усы елдиң бир пуқарасы, халқымыздың бир ағзасы. Олардың бүгинги бир ерси ҳәрекетине “қой” демесек, ертеңги күни ол екинши бир үлкенирек унамсыз ўақыяға тийкар болыўы мүмкин емес пе...
Ҳүрметли Президентимиз де ҳәр бир шығып сөйлеўинде жаслар тәрбиясы ҳаққында күйип-писип сөз етиўи де тосыннан емес. Биз жасларымызды бүгинги күннен баслап жақсылап тәрбияламасақ, оқытпасақ, жақсы оқыўы ушын имканият жаратып бермесек, ертең, басқа биреўлер оларға имканият жаратып береди, жасларымыз имканият излеп сырт еллерге шығып кетеди, деген гәплериниң тийкарында үлкен мәнис бар.
Бүгинги глобалласыў дәўиринде жасларымыздың тәрбиясына ҳәр күни, ҳәттеки, ҳәр саат сайын итибарлы болмасақ, дурыс билим берип, дурыс бағдар көрсетпесек келешегимизге қыянет еткен боламыз. Келешегимиздиң тийкарын бүгиннен баслап беккем етип қаламасақ, сырттан ҳеш ким келип ислеп бермейди. Сонлықтан, ҳәр бир шаңарақта, ҳәр бир оқыў орнында, ҳәр бир мийнет жәмәәтинде жаслар менен күнделикли ислесип, күнделикли тәрбиясына, мәнаўиятына, ис-ҳәрекетлерине айрықша итибарлы болыўымыз керек. Бул бүгинги күнниң, ҳеш қашан кешиктирип болмайтуғын талабы.
Жоқарыда атап өткенимиздей, “BACARDI” ресторанында болған ўақыяның себеплери үйренип шығылды, ресторанда сол күнги хызметте болған жуўапкер хызметкерлер менен сөйлесилип, тийисли тәртипте ҳүжжетлестирилди, ишки ислер уйымлары тәрепинен есапқа алынды, музыкалық аппаратлары хатланды, ашылған ис ҳәкимшилик судына өткерилип, тийисли жаза тайынланатуғын болды. Ресторанның ис жүргизиўшиси менен сол күни баслаўшылық еткен жигит видеокамерамыз алдында қәтешилигин тән алып, өз пушайманлығын айтып, кең жәмийетшиликтен кеширим сорайтуғынын да билдирип сөйледи. Сол күни ресторанда сондай викторина ойынларын шөлкемлестирген жаслардың да оқыў яки жумыс орынларында тийисли шаралар қолланылар. Бирақ, буның менен бул ўақыяның ақыбетлери толық сапластырылды, дегенди аңлатпайды. Айтылған сөз, атылған оқ, дегениндей социаллық тармақлар менен интернет сайтларындағы сол видеороликти өширип те, ҳеш кимнен жасырып та қоя алмаймыз енди.
Тек ғана, алдағы ўақытларда жас болайык, жасы үлкен болайық усы жәмийеттиң жаны ашыр бир ағзасы буннан еки ярым жыл бурын Президентимиз тәрепинен үлкен исенимлер менен шөлкемлестирилген Өзбекстан Жаслар аўқамының әтирапына бәршемиз бирлесип, барлық оқыў орынларында, жәмийетлик шөлкемлерде, ҳәттеки, ресторанлар менен кафелерде, түнги кейил ашар орынларда да жаслар тәрбиясына байланыслы үгит-нәсият жумысларын үзликсиз алып барыўымыз зәрүр ҳәм шәрт. Президентимиздиң Олий Мажлис палаталарына жоллаған Мүрәжатнында ҳәр бир басшы жеке өзлери жасларға үлги болыўы керек, деген басламасынан келип шығып ҳәр бир жәмәәт басшысы жасларымызға өзлериниң жақсы тәреплери менен үлги болып, жасларымызды айдын келешекке өзлеримиз баслаўымыз керек. Бул басламадан тек ғана оқыў орынлары менен ҳүкиметлик шөлкемлердиң басшылары емес, жеке сектор, ҳәтте, сол ресторанлар, кафелер менен түнги кеўил ашар орынларының басшылары да дурыс жуўмақ шығарса мақсетке муўапық болар еди.
Бул бизиң пикиримиз, ал, сизиң пикириңиз қандай заманласлар!

Қылышбай Ажибаев,
Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң Баспасөз хаткери, журналист.

Қарақалпақстан хабар агентлиги


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

20-декабрь күни Қарақалпақстанда қандай ҳаўа райы бақланады?

20-декабрь күни Қарақалпақстанда қандай ҳаўа райы бақланады?

Уқсас жаңалықлар

Еркеклер де, ҳаяллар да мүддетинен еки жыл алдын жасқа байланыслы пенсияға шығыўы мүмкин, егер...

Еркеклер де, ҳаяллар да мүддетинен еки жыл алдын жасқа байланыслы пенсияға шығыўы мүмкин, егер...

    «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы нызамның 14-статьясына бола, технологиядағы, ислеп шығарыў ҳәм мийнетти шөлкемлестириўдеги өзгерислер,

Пуқараны сүўретке түсириў ҳәм социаллық тармақларда жәриялаў ҳуқықына ийемиз бе?

Пуқараны сүўретке түсириў ҳәм социаллық тармақларда жәриялаў ҳуқықына ийемиз бе?

    Пуқараны сүўретке түсириў ҳәм оннан пайдаланыў, сол сүўрет тийкарында көркем өнер шығармасын дөретиўде сол пуқараның

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

    Жынаят кодексиниң 139-статьясына тийкарланып, жала жабыў, яғный, билип турып басқа шахсты шерменде қылатуғын өтириклерди тарқатыў,