Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.01.2020 18:32
  • 911

Жоқары оқыў орынлары ўәкиллери Нөкистеги Президент мектебинде

«Ҳәзирги ўақытта мәлимлеме-коммуникациялық тараўдағы ең соңғы табысларды өзлестириў менен бирге, жаслардың китап оқыўға болған қызығыўшылығын арттырыўға, оларды китап пенен досласыўға, халықтың китапқумарлық дәрежесин буннан былай да арттырыўға айырықша итибар қаратыў керек болады. Буның ушын, ең алды менен, миллий әдебиятымыз ҳәм жәҳән әдебиятының ең жақсы үлгилерин социаллық тармақларға жайластырып, оларды кең түрде үгит-нәсиятлаўға айырықша итибар бериўимиз үлкен әҳмийетке ийе болады», - деген еди Президентимиз Шавкат Мирзиёев.
Бүгин, 30-январь күни Нөкис қаласындағы Президент мектебине Қарақалпақстан Республикасындағы барлық жоқары оқыў орынлары басшылары, белсенди жаслары барып, ол жерде келешек ийелери болған оқыўшы-жаслар ушын жаратылған шараятлар менен танысты. Оқыўшылар, олардың устазлары менен сәўбетлесип, тийисли пикир-усынысларын билдирди.
- Китап инсанды жерден көкке көтеретуғын, оның руўхый қуўатлылығын арттыратуғын уллы күш болып табылады. Сондай-ақ, китап адамзаттың тарийхый өтмиши, руўхый-ағартыўшылық, илимий потенциалын беккемлеўши, келешекке тийкар жаратыўшы сөнбес от болып табылады. Солай екен, биз бүгин бул дәргайға илимий ҳәм көркем әдебиятларды алып келип, оқыўшыларға саўға еттик, - деди Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров.
Жоқары оқыў орынлары ўәкиллери мектептеги шараятларға жоқары баҳа берди ҳәм оқыўшылардың терең билим ийелеўине тилеклеслик билдирди.
Жоқары оқыў орынлары ўәкиллери Нөкистеги Президент мектебинде
Жоқары оқыў орынлары ўәкиллери Нөкистеги Президент мектебинде
Жоқары оқыў орынлары ўәкиллери Нөкистеги Президент мектебинде
Жоқары оқыў орынлары ўәкиллери Нөкистеги Президент мектебинде

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў