Telegram karinform

Спорт

  • 31.01.2020 12:40
  • 1676

Хош хабар! Қарақалпақстанлы бадминтоншылар «Универсиада-2020» спорт жарысында 2-орынды ийеледи

Усы жылдың 28-30-январь күнлери Сырдәрья ўәлаяты Гүлистан қаласындағы «Алпомиш» спорт комплексинде бадминтон бойынша «Универсиада-2020» спорт жарысының финаллық басқышы болып өтти.
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң хабар бериўинше, жарысқа улыўма 154 спортшы студент қатнасқан.
Турнирдиң жуўмақлаўшы нәтийжелерине муўапық Қарақалпақстан Республикасының сайланды командасы ағзалары командалық есапта 2-орынды ийеледи.
Атап айтқанда, ҳаял-қызлар арасында жекелик жарыста Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети студенти Н.Айтмуратова 3-орынды, ҳаял-қызлар арасындағы жуплық жарысларында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студентлери М.Турғанбаева ҳәм А.Алиевалар 2-орынды ийеледи.
Студент-жаслардың бул табыслары Қарақалпақстан Республикасының командалық есапта 2-орынды ийелеўи ушын тийкар жаратты.
Бүгин, 31-январь күни Нөкис темир жол вокзалында қарақалпақстанлы бадминтоншы жасларды күтип алыў салтанаты болып өтти. Оған жоқары оқыў орынлары, кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Мағлыўмат ушын, «Универсиада-2020» спорт жарысларының стол тенниси бойынша гезектеги жарысы 3-6-февраль күнлери Ташкент қаласында өткериледи. Ал Қарақалпақстан Республикасында 1-4-март күнлери ҳаял-қызлар арасында волейбол бойынша жарыслар болып өтиўи жобаластырылған.
Хош хабар! Қарақалпақстанлы бадминтоншылар «Универсиада-2020» спорт жарысында 2-орынды ийеледи
Хош хабар! Қарақалпақстанлы бадминтоншылар «Универсиада-2020» спорт жарысында 2-орынды ийеледи
Хош хабар! Қарақалпақстанлы бадминтоншылар «Универсиада-2020» спорт жарысында 2-орынды ийеледи

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...