Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.02.2020 15:53
  • 1464

Жаңалық: Тест сынағын тапсырмастан оқыўға кириў мүмкин болады

Жаңалық: Тест сынағын тапсырмастан оқыўға кириў мүмкин болады
2020-жылдан баслап басқышпа-басқыш жолға қойылатуғын және бир өзгерис – шет (инглис, немис, француз ҳәм шығыс) тиллеринен тысқары, мәселен, өзбек тили, рус тили, математика ҳәм басқа улыўма билим бериў пәнлеринен де сертификат берилиў тәртиби енгизилиўи мүмкин. Бул ҳаққында Мәмлекетлик тест орайы хабар берди.
Ҳәзирги ўақытта бул тәртип бойынша тийисли усыныслар берилген. Усынысларға муўапық, тест сынақларын әпиўайыластырыў, абитуриентлерге қолайлық ҳәм имканиятлар жаратыў мақсетинде барлық улыўма билим бериў пәнлеринен усындай сертификат берилиўи басқышпа-басқыш әмелге асырылыўы нәзерде тутылған.
Абитуриентлер улыўма ямаса орта арнаўлы билимлендириў мәкемесин питкермей турып да бундай имканияттан пайдаланыўы мүмкин болады
Президентимиздиң Мүрәжатларында атап өтилгениндей, жаслар қәлеген ўақытта имтихан тапсырып, тийисли гүўалық алса, жоқары оқыў орнына оқыўға кирип атырған ўақытта усы пән бойынша қайта сынақтан өтиўине ҳеш қандай зәрүрлик қалмайды.
Демек, абитуриент жоқары оқыў орынларының бакалавриат билимлендириў бағдарларына қабыллаў тест сынақларына шекем керекли улыўма билим бериў пәнлеринен сертификат алса, тест сынағында қатнаспай-ақ, тиккелей таңлаўда қатнасыў имканиятына ийе болады.
Хабарда жазылыўынша, ҳәзирги ўақытта жуўапкер министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте усы тәртипти әмелге асырыў механизмлери ислеп шығылмақта.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...