Telegram karinform

Жәмийет

  • 10.02.2020 16:17
  • 1144

Өткен жылдағы тест процесинде абитуриентлер тәрепинен ең көп жол қойылған кемшиликлер қайсылар? – МТО ўәкили жуўап берди

Өткен жылдағы тест процесинде абитуриентлер тәрепинен ең көп жол қойылған кемшиликлер қайсылар? – МТО ўәкили жуўап берди
Өткен жылдағы жоқары оқыў орынларына кириў тест сынақлары процесинде абитуриентлер тәрепинен ең көп жол қойылған кемшилик – бул тест өткерилетуғын ўақыттан кешигип келиў болды. Бул ҳаққында Мәмлекетлик тест орайының Қарақалпақстан Республикалық бөлими баслығы Музаффар Абдуллаев ҒХҚ ўәкиллери ҳәм блогерлер менен болған баспасөз конференциясында мәлим етти.
- Биз абитуриентлердиң рухсатнамасына тест өткерилетуғын орынға саат 07:30 дан кешикпей келиўи кереклиги ҳаққында ескертиў киргизгенбиз. Тест процеси саат 08:00 де басланған. Бирақ, соған қарамастан абитуриентлердиң кешигип келиў жағдайлары көп ушырасты, - деди М.Абдуллаев.
Өткен жылдағы тест процесинде абитуриентлер тәрепинен ең көп жол қойылған кемшиликлер қайсылар? – МТО ўәкили жуўап берди
Абитуриентлерге тестке кириў ушын паспорт ямаса туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалықтың түп нусқасы және абитуриент рухсатнамасы менен келиўи ескертилиўине қарамастан, паспортының орнына партияға ағзалық билети, паспорт нусқасы ҳәм усы сыяқлы басқа ҳүжжетлерди алып келиў жағдайлары да ушырасқан.
М.Абдуллаевтың мәлим етиўинше, өткен жылы Қарақалпақстан Республикасында 52 292 абитуриент ҳүжжет тапсырған болып, олардың 807 си тестке қатнаспаған.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған