Telegram karinform

Жәмийет

  • 10.02.2020 17:13
  • 1092

Қарақалпақстанда тест нәтийжелеринен наразы неше абитуриент аппеляцияға мүрәжат етти? Қаншасы абитуриент пайдасына шешилди?

Қарақалпақстанда тест нәтийжелеринен наразы неше абитуриент аппеляцияға мүрәжат етти? Қаншасы абитуриент пайдасына шешилди?
Өткен жылы Қарақалпақстанда жоқары оқыў орынларына кириў ушын өткерилген тест сынаўларында улыўма 51 409 абитуриент қатнасты.
Тест процеси 29-июньнан 14-июльға шекемги аралықта өткерилди.
Тест сынаўларының нәтийжелери бир күннен кейин Мәмлекетлик тест орайының рәсмий веб-сайты арқалы жәрияланды.
Мәмлекетлик тест орайының Қарақалпақстан Республикалық бөлими баслығы Музаффар Абдуллаевтың атап өтиўинше, усы күнге шекем жоқары оқыў орынларына кириў ушын тест өткерилетуғын ҳеш бир мәмлекетте тест нәтийжелери бир күннен соң жәрияланбаған.
Мәмлекетлик тест орайының Қарақалпақстан Республикалық бөлими баслығы өткен жылы тест сынаўларының нәтийжелеринен наразы болған 53 абитуриенттиң аппеляциялық комиссияға мүрәжат еткенлигин мәлим етти (2018-жылда бул көрсеткиш 73 ке тең болған).
Аппеляциялық комиссияға мүрәжат еткенлердиң айрымлары жуўапларды белгилеўде қәте-кемшиликлерге жол қойғанлығын атап көрсеткен. Соның менен бирге, сораўлар бетиндеги айрым техникалық кемшиликлер бойынша да мүрәжатлар келип түскен болып, улыўма аппеляциялық комиссияға мүрәжат еткен абитуриентлерден 4 мүрәжат олар пайдасына шешилген.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

    «Өзгидромет» Қарақалпақстан Республикасында жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болыўы ҳаққында мағлыўмат берди.  Ҳаўа бираз