Telegram karinform

Жәмийет

  • 12.02.2020 17:54
  • 1677

Коронавирус смартфон арқалы да жуғатуғыны рас па?

Коронавирус смартфон арқалы да жуғатуғыны рас па?
Глобаллық машқалаға айланған коронавирус тек ҳаўа-тамшы жолы арқалы ямаса вирус жуқтырған адам менен контакт себепли ғана жуқпайды екен. Қытай Денсаўлықты сақлаў миллий комиссиясының мәлим етиўинше, смартфон да оның тасыўшысы болыўы мүмкин, деп жазды Қарақалпақстан хабар агентлиги.
Қәнигелердиң түсиник бериўинше, телефонлардың корпусында ҳәм әсиресе, смартфонлардың дисплейинде көп муғдарда шаң, бактерия, силекей ҳәм басқа да вирус тасыўшы затлар жыйналады. Бундай қурылманы ислеткен адам қоллары менен өзиниң жумсақ қабатлы ағзаларына (ерни, мурны ямаса көзине) тийсе, вирус өтиўи мүмкин.
Сол себепли қәнигелер қытайлыларға смарфтонды дизенфекциялаў жолларын усынған. Коронавирустың қәўипи пүткил сапластырылыўы ушын оны 56 дәрежели температурада ярым саат даўамында қалдырыў керек екен. Онда қурылманың бул ыссылықта ислемей қалыўы енди оның моделине байланыслы.
Сондай-ақ, дезинфекция ушын водород пероксиди, уксус кислотасы ямаса хлороформ менен жақсылап сыпырыў да смартфонды коронавирустан тазалайды.
Буннан тысқары, Цзилинь университети биринши емлеўханасы улыўма медицина бөлиминиң бас врачы Инь Хунмэй және бир жолын айтқан. Оған бола, қурылмаларды коронавирустан тазалаў ушын 75 процентлик спирт пенен сыпырса да болады екен.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған