Telegram karinform

Жәмийет

  • 13.02.2020 18:06
  • 846

Халықаралық илимпаз ҳаял-қызлар күнине арналған семинар-тренинг болып өтти

Халықаралық илимпаз ҳаял-қызлар күнине арналған семинар-тренинг болып өтти
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитети «Олима» аўқамы Қарақалпақстан Республикалық бөлими менен биргеликте «11-февраль – Халықаралық илимпаз ҳаял-қызлар күни» байрамы мүнәсибети менен семинар-тренинг өткерилди.
Илажды институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров ашып берди.
Семинар-тренингди «Олима» аўқамы Қарақалпақстан Республикалық бөлими баслығы Т.Өсербаева басқарып барды.
Соңғы жыллары елимизде ҳаял-қызлардың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўдағы белсендилигин арттырыў, әсиресе, илимий изертлеў жумысларында ҳаял-қызлар басламаларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.
Илимий изертлеў жумысларында ҳаял-қызлардың тутқан орны жыл сайын артып бармақта. Атап айтқанда, 2018-жылы Қарақалпақстан бойынша илимий дәрежеге ийе 89 илимпаз ҳаял-қызлар жумыс алып барған болса, бул көрсеткиш 2019-жылға келип 214 ке жетти. Олардың 20 сы илим докторлары болып табылады.
Халықаралық илимпаз ҳаял-қызлар күнине арналған семинар-тренинг болып өтти
Усы бағдарда өз белсендилигин көрсетип атырған илимпаз ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, ҳәр тәреплеме хошаметлеў мақсетинде ҳәр жылы «Илим ғумшалары», еки жылдан бир мәрте «Илим жулдызлары» республикалық илимий-әмелий конференциялар өткерилип келинбекте.
- Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында улыўма 267 илимпаз ҳаял-қыз профессор-оқытыўшы жумыс алып бармақта. Олардың 75 и илимий дәрежелерге ийе болып, бул бойынша көрсеткишимиз 30% тен асламды қурайды, - дейди институттың «Олима» аўқамы баслығы А.Пирниязова. – Институтта ҳаял-қызлар қатнасыўында илимий жумысларды кеңнен алып барыў, шәкиртлер таярлаў мәселелерине де айрықша итибар қаратылған. 2019-жылдың декабрь айының өзинде 5 ҳаял-қыз оқытыўшымыз илим докторы дәрежесин алыўға еристи.
Илажда Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы, Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалының «Олима» аўқамы баслықлары, Өзбекстан Илимлер академияси Қарақалпақстан бөлими ҳаял-қызлар басланғыш шөлкеми ўәкиллери илимий изертлеўлерде ҳаял-қызлардың орнына айрықша тоқтап өтти.
Халықаралық илимпаз ҳаял-қызлар күнине арналған семинар-тренинг болып өтти
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитетинен ўәкиллер қатнасты.
Семинар-тренинг өз-ара пикир алмасыўлар, сораў-жуўаплар менен даўам етти.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында