Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.02.2020 16:19
  • 1131

Ферғаналы мийнет ветераны Қарақалпақстан ушын 1 000 дана тут нәлин жибермекши. Ол нәллерди кимге, қалай жибериў бойынша жәрдем сорамақта

Ферғаналы мийнет ветераны Қарақалпақстан ушын 1 000 дана тут нәлин жибермекши. Ол нәллерди кимге, қалай жибериў бойынша жәрдем сорамақта
«Бир неше ай алдын Халықаралық пресс-клубда Шерзодхон Қудратхўжаевтиң Арал аймағындағы жағдай ҳәм ол жерде сексеўил егиў жумыслары ҳаққындағы пикирлерин тыңладым. Дебат даўамында ол елимизде Қарақалпақстан ушын қайырқом, жомарт инсанлар бар ма, деген мазмундағы басламаны көтерди, - дейди мийнет ветераны Жанобиддин Солиев. – Шыны менен, терең ойландым. Бабаларымыз еккен мийўели нәллерден аталарымыз пайдаланды. Аталарымыз еккен нәллердиң рәҳәтин бизлер көрип атырмыз. Биз қашан егемиз, биз қашан балаларымыз ушын усы дәстүрди даўам етемиз?! Усы сораўлар шеңберинде Қарақалпақстан ушын өзим жетистирип атырған ыссыға ҳәм тәбияттың ҳәр қыйлы шараятларына шыдамлы тут нәллерин қайырқомлық сыпатында бериўди нийет еттим. Ҳақыйқатында да, мине усындай басламалардың басы ҳәм тийкаршысы болыў нийетим бар. Саўабынан үмитим көп. Тек ғана қай тәртипте, Қарақалпақстанның қай жерине, ким арқалы жибериўге ҳайранман». Бул ҳаққында «Халық сўзи онлайн» хабар бермекте.

Жанобиддин ата Солиев Ферғана ўәлаяты Риштон районы Оқ томир аўылының Боғистон көшеси 111-жайда жасайды. Узақ жыллар даўамында жәмийетлик хожалықта әпиўайы транспорт басқарыўшысы болып ислеген.

Мийнет ветераны Ш.Қудратхўжаев ҳәм басқа да жуўапкер тәреплерден ози жетистирген 1 000 дана тут нәлин Қарақалпақстанға жеткерип бериўге жәрдем сорамақта. Және бул баслама республика бойлап өзине тән челленджге айланыўынан үмит етпекте.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған