Telegram karinform

Технология

  • 17.02.2020 14:21
  • 1695

Мобиль қурылмалардың IMEI номерлерин дизимге алыўдағы төлемлерди бийкар етиў ҳаққында петиция жәрияланды

Мобиль қурылмалардың IMEI номерлерин дизимге алыўдағы төлемлерди бийкар етиў ҳаққында петиция жәрияланды
«Mening fikrim» жәмийетлик мүрәжатлар порталында мобиль қурылмалардың IMEI номерлерин дизимге алыў ушын халықтан өндирилетуғын төлемлерди бийкар етиў ҳәм дизимге алыўды әпиўайыластырыў тәртиби енгизилиўи соралған петиция жәрияланды.
«Себеби, ҳәзирги глобалласыў процесинде халықты қоллап-қуўатлаў, артықша төлем ҳәм әўерегершиликлерди сапластырыў әҳмийетли деп ойлайман», - деп жазылған мүрәжатта.
Мүрәжат авторы усыларды есапқа ала отырып, мобиль қурылмалардың IMEI номерлерин дизимге алыўдағы төлемлерди бийкар етиўди сораған.
Мүрәжат 10 мың даўыс топлаўы керек болған болып, ҳәзирги ўақытта (материал жазылып атырған ўақытта 17.02.2020 саат 14:15 те) 12 мыңнан аслам даўыс топлаған.
Еслетип өтемиз, 2019-жылдың сентябрь айында ҳүкиметлик қарар тийкарында Өзбекстан аймағында пайдаланылып атырған сатыў ямаса жеке түрде пайдаланыў ушын алып киргизилетуғын және ислеп шығарылатуғын мобиль қурылмаларды дизимге алыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланған еди. Режеге муўапық, мобиль қурылмаларды дизимге алыў система операторы ямаса системаның дизимге алыўшысына мүрәжат бойынша әмелге асырылады. Бул төлемли болып, көплеген машқалаларды жүзеге келтирип атырған еди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...