Telegram karinform

Жәмийет

  • 17.02.2020 16:18
  • 1199

Дөретиўшилик яки кәсиплик имтихан болып өтетуғын бакалавр бағдарларында мәжбүрий тест өткериле ме?

Дөретиўшилик яки кәсиплик имтихан болып өтетуғын бакалавр бағдарларында мәжбүрий тест өткериле ме?
Хабарыңыз бар, 2020-2021-оқыў жылы қабыллаўынан баслап тест сынағы тапсырылатуғын пәнлер комплекси 2 бөлимге ажыратылады, яғный биринши бөлимге барлық тест тапсыратуғынлары ушын мәжбүрий болған 3 пән – ана тили (өзбек, рус ямаса қарақалпақ тили), математика ҳәм Өзбекстан тарийхы пәнлери киргизиледи.
Ал екинши бөлимге абитуриент сайлаған бакалавриат билимлендириў бағдарларына сәйкес келетуғын 2 пән киргизилиўи белгиленген.

Усы өзгерислер, әсиресе, қәнигелик пәнлерден тысқары мәжбүрий 3 пәннен имтихан өткерилиўи ҳаққындағы хабарлар абитуриентлер арасында түсиниспеўшиликлерди келтирип шығармақта. Атап айтқанда, дөретиўшилик ямаса кәсиплик имтихан арқалы жоқары оқыў орнына қабылланатуғын бакалавр бағдарларында да мәжбүрий 3 пәннен тест тапсырылыўы мүмкин екенлиги ҳаққындағы хабарлар тарқалмақта.

Биз буларға анықлық киргизиў мақсетинде Мәмлекетлик тест орайының Қарақалпақстан Республикалық бөлими баслығы Музаффар Абдуллаевқа мүрәжат еттик.

- ӨзР Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 3-апрельдеги «Жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў тәртибин буннан былай да жетилистириў ҳаққында»ғы қарарының 2-қосымшасына муўапық, бакалавриатқа тест сынақларысыз, кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар арқалы оқыўға қабыллаў бойынша 17 бакалавр бағдары көрсетилген.
Усы бағдарлар бойынша оқыўға қабыллаў тест сынақларысыз, кәсиплик ямаса дөретиўшилик имтиханлар арқалы әмелге асырылады. Бунда ҳеш қандай мәжбүрий пәнлерден тест тапсырыў сыяқлы жағдайлар болмайды, - деди Музаффар Абдуллаев.
Дөретиўшилик яки кәсиплик имтихан болып өтетуғын бакалавр бағдарларында мәжбүрий тест өткериле ме?

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында