Telegram karinform

Технология

  • 20.02.2020 17:21
  • 2137

Жаңа типтеги «Spark», «Cobalt» ҳәм «Lacetti» автомобильлериниң баҳасы көтерилди ме?

Жаңа типтеги «Spark», «Cobalt» ҳәм «Lacetti» автомобильлериниң баҳасы көтерилди ме?
Социаллық тармақларда «UzAuto Motors» компаниясы жаңа типтеги «Spark», «Cobalt» ҳәм «Lacetti» автомобильлериниң баҳасы көтерилгенлиги ҳаққында мағлыўматлар пайда болды. Бул ҳаққында «Kun.uz» хабар берди.
Компанияның мәлим етиўинше, 2020-жылдан баслап «UzAuto Motors» тәрепинен ислеп шығарылып атырған жаңа комплектациялардағы «Spark», «Cobalt» ҳәм «Lacetti» автомобильлери жәҳән стандартларына байланыслы техникалық регламентке әмел ете отырып, айырым қосымша опциялар менен үскенеленбекте.
«Сол себепли, усы опциялардың белгиленген баҳасы автомобиль баҳасына қосымша сыпатында қосылған. Яғный автомобиль баҳасы өз-өзинен емес, қосымша опция орнатылғаны ушын бираз көтерилген. Бул жағдай дилер ҳәм қарыйдар арасында дүзилетуғын шәртнаманың 2.4-бәнтинде де келтирип өтилген», - деп жазылған хабарда.
Атап өтилиўинше, шәртнама шәртлерине муўапық, қосымша опциялар киргизиў менен байланыслы түрде автомобиль (товар) баҳасы өзгерген жағдайда қарыйдар өз қәлеўине қарай төленген төлем суммасын қайтарыў шәрти менен товарды қабыллап алыўдан ўаз кешиўи, баҳасындағы парқты төлеўи ямаса товарды жеткерип бериў мүмкин болған басқа модель және модификациядағыға алмастырыўды талап етиў ҳуқықына ийе.
«UzAuto Motors» қосымша опциялар, олардың түри ҳәм баҳасы бойынша толық мағлыўмат келтирилген кестени жәриялады.
Жаңа типтеги «Spark», «Cobalt» ҳәм «Lacetti» автомобильлериниң баҳасы көтерилди ме?

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында