Telegram karinform

Жәмийет

  • 24.02.2020 11:54
  • 994

Биринши ҳәм жоқары категория алыў ушын талабан муғаллимлер дыққатына!

Биринши ҳәм жоқары категория алыў ушын талабан муғаллимлер дыққатына!
Социаллық тармақлар арқалы педагог кадрлар аттестициясы бойынша тест сораўларын сатыў ҳаққында ҳәр қыйлы дағазалар жәрияланбақта.
Усы дағазалар тийкарсыз ҳәм жалған мағлыўматлар екенлигин есапқа алып, сиз педагогларға аттестациялық тестлерди сатып алыўды усыныс етип атырғанлардан абайлы болыўға шақырамыз, - деп жазылған ӨзР Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бойынша Мәмлекетлик инспекциясы.
Хабарда жазылыўынша, муғаллимлерге шараятлар жаратыў мақсетинде http://test.tdi.uz/ адреси арқалы онлайн репетициялар шөлкемлестирилмекте.
Бунда педагоглар онлайн тест бағдарламасы менен жақыннан танысыўы ҳәм өзи ҳаққындағы мағлыўматларды pka.tdi.uz электрон базасына толық ҳәм дурыс киргизилгенине исеним пайда етиўи мүмкин.
Мәмлекетлик инспекция муғаллимлерден тек ғана өз билимине исениўди сорайды ҳәм усындай алдаўшылардан абайлы болыўға шақырады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған