Telegram karinform

Жәмийет

  • 24.02.2020 12:08
  • 1852

Институтта Қарақалпақстан халық жазыўшысы Муратбай Нызановтың «Еки ананың қызы» китабының презентациясы болып өтти

Институтта Қарақалпақстан халық жазыўшысы Муратбай Нызановтың «Еки ананың қызы» китабының презентациясы болып өтти
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Муратбай Нызановтың «Еки ананың қызы» китабының презентациясы ҳәм жазыўшы менен ушырасыў кешеси болып өтти.
Кешени институттың жаслар мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров басқарып барды.
Дәслеп жазыўшы М.Нызановтың презентациясы өткерилип атырған китабы ҳаққында институттың баслаўыш тәлим педагогикасы ҳәм психологиясы кафедрасының доценти А.Пазылов «Мийирбан ананың өгейи болмайды» атамасында баянат жасады.
Қарақалпақстан халық жазыўшысы М.Нызановтың «Еки ананың қызы» повестинде туўған ана ҳәм өз мийримин берип асырап сақлаған ана және перзент арасындағы мүнәсибетлер қызықлы сюжетлер менен сөз етилген. Повестьтеги ўақыялар өткен әсирдиң 70-80-жылларында қарақалпақ аўылларының биринде болып өткен.
Институтта Қарақалпақстан халық жазыўшысы Муратбай Нызановтың «Еки ананың қызы» китабының презентациясы болып өтти
Рус диярынан болған жаслар турмыс қурып, елимизге жоллама менен жумыс ислеўге келгени, көп узамай перзентли болыўы, перзентиниң бир айлық болған ўақтында әлле қандай машқала бойынша жәнжеллесип, ерли-зайыплының еки жаққа кетип қалғанлығы, перзентиниң болса қарақалпақ кемпириниң қолында тәрбияланыўы, арадан он-он еки жыл өтип, ерли-зайыплы қайтадан жарасып, перзентин алып кетиўге келиўи, бирақ перзенти тәрбиялаған кемпир апасынан ажыралыўды қәлемейтуғынлығы сыяқлы ўақыяларды жазыўшы бир журналисттен еситкенин айтып берди. Усы реал ўақыялар тийкарында М.Нызанов әдебий шығарма жазылыў процеси ҳаққында студент-жасларға кең түрде мағлыўматлар берди.
Институтта Қарақалпақстан халық жазыўшысы Муратбай Нызановтың «Еки ананың қызы» китабының презентациясы болып өтти
Кеше даўамында студент-жаслар жазыўшының усы повести ҳәм басқа да әдебий шығармалары, киношылық өнериндеги мийнетлерине байланыслы өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Ислам Матеков.
Автордың түсирген фотосүўретлери.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында