Telegram karinform

Жәмийет

  • 25.02.2020 17:03
  • 1257

Март айында неше күнлик дем алыс бериледи?

Март айында неше күнлик дем алыс бериледи?
Жақынласып киятырған март айында календарь бойынша дем алынатуғын 2 байрам күни бар: бириншиси Халықаралық ҳаял-қызлар күни, екиншиси – Наўрыз байрамы, деп жазбақта ҳуқықтаныўшы-блогер Х.Худайбердиев.
Блогер 8-март күни хызметкерлер ушын ҳеш қандай қосымша жеңиллик берилмейтуғынлығы, себеби байрам екшемби күнине туўра келиўи, айырым мәмлекетлерде егер байрам екшемби (дем алыс) күнине туўра келип қалса, онда келеси күн, яғный дүйшемби – дем алыс күни деп жәрияланатуғынлығы, бирақ ҳәзирше Өзбекстанда бундай тәртип жоқ екенлиги ҳаққында тоқталған.
- Наўрыз байрамына келетуғын болсақ, бул байрам да шемби күнине туўра келген. Яғный ҳәптесине 5 күн жумыс ислейтуғынлар ушын шемби күни дем алыс күни болатуғын еди. Бирақ, Президент Пәрманына муўапық, 23-март – дүйшемби күни барлық хызметкерлерге қосымша дем алыс күни болады, - деп жазды Х.Худайбердиев.

Демек, Наўрыз байрамы мүнәсибети менен хызметкерлер избе-из 3 күн дем алады:
21-март – шемби (Наўрыз байрамы);
22-март – екшемби (дем алыс күни);
23-март – дүйшемби (қосымша дем алыс күни).

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында