Telegram karinform

Жәмийет

  • 26.02.2020 17:13
  • 1061

Әдиллик министрлиги cалық инспекциясының қарарын не ушын бийкар етти?

Әдиллик министрлиги cалық инспекциясының қарарын не ушын бийкар етти?
Нөкис қаласында жасаўшы пуқара А.У. Нөкис қалалық мәмлекетлик салық инспекциясы тәрепинен қолланылған ҳәкимшилик жәриймадан наразы болды. Бул ҳаққында бизге Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги бөлим баслығы Ғайрат Тлеумуратов мәлим етти.

Мәлим болыўынша, пуқара А.У.ға Нөкис қалалық мәмлекетлик салық инспекциясының буйрығына тийкар инспекция инспекторы тәрепинен қала аймағында пуқаралардың турақ жайға байланыслы мүлк ҳуқықын көшпес мүлкке болған ҳуқықларының мәмлекетлик дизимнен өткерилгенлигин анықлаў мақсетинде рейд тексериўи өткерилген.
Өткерилген рейд даўамында, пуқараның өмирлик жолдасы өзине тийисли болған Нөкис қаласы, Ислам сүўретши көшеси, 14-жайдың 22,63 процентин Нөкис қаласы 6-санлы мәмлекетлик нотариал кеңсеси нотариусы тәрепинен тастыйықланған «Турақ жайды саўға етиў ҳаққында»ғы шәртнамаға муўапық саўға етип алғанлығы ҳәм көшпес мүлкке болған ҳуқықты мәмлекетлик дизимнен өткермегенлиги анықланған.
Анықланған жағдай бойынша инспектор тәрепинен А.У.ға ҳәкимшилик протокол рәсмийлестирилип, сол күнниң өзинде 223 000 сум муғдарында жәрийма салыў ҳаққында қарар қабыл етилген.
Бирақ, Нөкис қаласы 6-санлы мәмлекетлик нотариал кеңсеси нотариусы тәрепинен тастыйықланған «Турақ жайды саўға етиў ҳаққында»ғы шәртнамаға тийкар саўға етилип атырған турақ жайдың бир бөлегине тийисли болған жер участкасына турақлы пайдаланыў ҳуқықы берилмегенлиги себепли, пуқара А.У. усы жер участкасына болған ҳуқықты тастыйықлаў ушын Нөкис қалалық ҳәкимлигине мүрәжат еткенлиги және қала ҳәкиминиң жер участкасына болған ҳуқықты тастыйықлаў ҳаққындағы қарары кешигип қабыл етилгенлигине, сондай-ақ, бул жерде пуқараның айыпсыз екенлигине итибар қаратылмаған.
Буннан тысқары, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы протокол ҳәм жумысқа байланыслы материаллар алынған күннен баслап он бес күнлик мүддет ишинде көрип шығылыўы керек болса да, А.У.ға қарата ҳәкимшилик протокол арадан 5 ай өткеннен соң көрип шығылған.
Жоқарыдығы жағдайлар бойынша пуқара А.У. тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигине мүрәжат етилгеннен соң министрликтиң жуўаплы хызметкерлери тәрепинен үйренилди.
Усы тийкарда министрлик тәрепинен Нөкис қалалық мәмлекетлик салық инспекциясының пуқара А.У.ға қарата 223 000 сум муғдарында жәрийма салыўы ҳаққындағы Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасына киргизилген усынысқа муўапық, қалалық мәмлекетлик салық инспекциясының қарары бийкар етилди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған