Telegram karinform

Жәмийет

  • 26.02.2020 18:07
  • 1912

Бозатаў районлық медициналық бирлеспесинде хызметкерлерди жумысқа қабыллаўда нызамбузыўшылыққа жол қойылған ба? Прокуратура мағлыўмат берди

Бозатаў районлық медициналық бирлеспесинде хызметкерлерди жумысқа қабыллаўда нызамбузыўшылыққа жол қойылған ба? Прокуратура мағлыўмат берди
Социаллық тармақларда тарқалған «Жаңадан ашылған Бозатаў районынан мүрәжәт келип түсти...» атлы мақала бойынша Бозатаў районлық прокуратурасы тарепинен тексериў өткерилди. Бул ҳаққында ҚР Прокуратурасы баспасөз хызмети хабар берди.

Мақалада Бозатаў районлық медициналық бирлеспесинде көплеп жаңа жумыс орынлары ашылғанлығы, жумысқа қабыл етиў бойынша таңлаў өткерилгенлиги, бирақ таңлаў нызамлы турде өткерилмегенлиги, сондай-ақ, бирлеспеде штат бирликлериниң бөлистирилиўиндеги нызамбузыўшылықлар ҳаққында келтирип өтилген.

Анықланыўынша, Бозатаў районлық медициналық бирлеспеси баслығы ўазыйпасын атқарыўшы А.Ещановтың 20.01.2020-жылда 8Ө-санлы буйрығы менен орта буўын медициналық хызметкерлерин жумысқа қабыл етиў ҳаққында таңлаў комиссиясы дүзилген.

Буйрыққа тийкар, таңлаў комиссиясының 23.01.2020-жылдағы, 30.01.2020-жылдағы ҳәм 02.02.2020-жылдағы протоколлары менен штат кестелери тастыйықланбаған орынларға жумысқа қабыл етиў ҳаққында таңлаў өткерилип, таңлаў протоколлары менен бир қатар пуқаралар таңлаў жеңимпазлары деп табылған.

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен өткерилген хызмет бабындағы тексериўдиң 19.02.2020-жылғы жуўмағына муўапық, таңлаў министрликтиң арнаўлы буйрық ҳәм тәртиплерине қайшы түрде өткерилгенлиги ушын Бозатаў районлық медициналық бирлеспеси баслығы ўазыйпасын атқарыўшы А.Ещановқа Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң буйрығы менен «Сөгис» интизамий жаза шарасы қолланылып, Бозатаў районлық медициналық бирлеспеси баслығының медицина хызметкерлерин жумысқа қабыл етиў ҳаққындағы буйрығы ҳәм таңлаў комиссиясының протоколлары бийкар етилген.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

    «Өзгидромет» Қарақалпақстан Республикасында жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болыўы ҳаққында мағлыўмат берди.  Ҳаўа бираз

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал