Telegram karinform

Спорт

  • 29.02.2020 10:48
  • 1886

«Жаслар шахмат тахтасы» дәстүрий спорт жарысының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти

«Жаслар шахмат тахтасы» дәстүрий спорт жарысының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти
Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен усы жылдың 28-февраль күни «Жаслар шахмат тахтасы» дәстүрий спорт жарысының Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилди.
- Жаслар менен ислесиўди нәтийжели шөлкемлестириў бойынша бес әҳмийетли басламаның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң 2020-жыл I шерек ушын белгиленген ис-режесине тийкар «Жаслар шахмат тахтасы» спорт жарысын ҳәр жылы өткериў дәстүрге айланған, - дейди Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси дене тәрбиясы ҳәм спорт бөлиминиң баслығы Азамат Абибуллаев.
«Жаслар шахмат тахтасы» дәстүрий спорт жарысының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти
«Жаслар шахмат тахтасы» спорт жарысының Қарақалпақстан Республикалық басқышына барлық қала ҳәм районлардан алты жас категориясы бойынша 200 ден аслам жаслар қатнасып, жеңимпазлар Өзбекстан Республикалық басқышқа жоллама алды.
Жарыс жеңимпазлары Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбиясы ҳәм спорт министрлиги, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары бирлеспеси Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен таярланған диплом, медаль ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
«Жаслар шахмат тахтасы» дәстүрий спорт жарысының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти
«Жаслар шахмат тахтасы» дәстүрий спорт жарысының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында