Telegram karinform

Жәмийет

  • 29.02.2020 11:02
  • 1311

Қазақстанның «Ақтөбе» газетасының бас редакторы, шайыр Баўыржан Бабажанулы қарақалпақстанлы жаслар менен ушырасты

Қазақстанның «Ақтөбе» газетасының бас редакторы, шайыр Баўыржан Бабажанулы қарақалпақстанлы жаслар менен ушырасты
27-февраль күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Қазақстан Республикасы Ақтөбе областының «Ақтөбе» жәмийетлик-сиясий газетасының бас редакторы, шайыр, публицист-журналист Баўыржан Бабажанулы менен әдебий ушырасыў кешеси болып өтти.
Институттың түркий тиллер факультети қазақ тили ҳәм әдебияты кафедрасының оқытыўшысы Турсынай Төрткүлбаева тәрепинен шөлкемлестирилген әдебий ушырасыўды институттың жаслар мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров басқарып барды.
Ушырасыўда сөзге шыққанлар шайырдың өмир жолы, дөретиўшилиги ҳаққында кеңнен айтып өтти.
Баўыржан Бабажанулы ҳәзирги қазақ әдебиятында өз сөзине ҳәм өзгеше дөретиўшилик жолына ийе, орны гиреўли дөретиўшилердиң бири болып, ол Қарақалпақстан Республикасының Қоңырат районында дүньяға келген. Қоңырат қазақ халқының белгили шайыры Төлеген Айбергеновтың туўылған жери болып, Баўыржан Бабажанулы да буны айрықша мақтаныш пенен тилге алды. Өзиниң туўылған жер сағынышы, балалық мәўритлерди аңсаўы, қарақалпақ арыўлары ҳаққында жазылған бир неше қосықларын оқып берди.
Қазақстанның «Ақтөбе» газетасының бас редакторы, шайыр Баўыржан Бабажанулы қарақалпақстанлы жаслар менен ушырасты
Баўыржан Бабажанулы 1995-жылы Қазақстан Республикасындағы Әл-Фарабий атындағы Қазақ миллий университетиниң филология факультетин питкерген. Мийнет жолын Қазақстан Илимлер академиясы М.Әўезов атындағы Әдебият ҳәм көркем өнер институтында киши илимий хызметкер болып ислеўден баслаған болса, соңынан «Жалын» журналы, «Ана тили», «Алтын Орда» газеталарында жуўапкерли лаўазымларды атқарған. 2000-жылдан ҳәзирги ўақытқа шекем «Ақтөбе» газетасының бас редакторы, соның менен бирге Қазақстан Жазыўшылар аўқамы Ақтөбе областлық бөлими баслығы лаўазымларында ислеп келмекте.
Қазақстанның «Ақтөбе» газетасының бас редакторы, шайыр Баўыржан Бабажанулы қарақалпақстанлы жаслар менен ушырасты
Баўыржан Бабажанулы 2003-жылы VI Халықаралық «Шабыт» фестивалының «Әдебият» номинациясы бойынша бас сыйлығын, бас редакторлар арасында өткерилетуғын «Экспресс К» таңлаўында да 1-орынды ийелеп, Геннадий Толмачёв атындағы сыйлықты да қолға киргизди. «Қазақстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 10 жыллығы», «Қазақстан Республикасы Конституциясының 10 жыллығы» медальларының ийеси болды.
Шайырдың қайсы қосығын оқысаңыз да, оның туўылған жерине болған шексиз сағынышын сезиў мүмкин.
Кешеге Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинен филология илимлериниң докторы, доцент Қайыржан Аралбаев, қазақ тили ҳәм әдебияты кафедрасының оқытыўшысы Шийрин Смамутова ҳәм студентлер де қатнасты.
Кеше соңында мийман Баўыржан Бабажанулына «Қарақалпақ фольклоры» китабы ҳәм қарақалпақ халқының миллий шапаны саўға етилди.
Әлбетте, бундай ушырасыўлардың студент-жаслар арасында жийи өткерилип турылыўы халықларымыз арасындағы дослық қатнасықларының еле де беккемлениўи ушын хызмет етеди.
Қазақстанның «Ақтөбе» газетасының бас редакторы, шайыр Баўыржан Бабажанулы қарақалпақстанлы жаслар менен ушырасты
Ушырасыў соңында сөзге шыққан филология илимлериниң докторы, доцент Қайыржан Аралбаев шайырға ҳәм шөлкемлестириўшилерге өз миннетдаршылығын билдирди.

Шамшырақ Алдоңғарова,
ҚМУ, қазақ филологиясы 3-курс студенти.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында