Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.03.2020 11:58
  • 1371

Нөкис қаласында жолаўшылар транспортының жаңа тарифлери қашаннан баслап әмелге асырылады?

Нөкис қаласында жолаўшылар транспортының жаңа тарифлери қашаннан баслап әмелге асырылады?
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2020-жылдың 2-март күнги «Қалалық жолаўшылар транспортында жолаўшылар тасыў хызметиниң жаңа тарифлерин қолланыў ҳаққында»ғы 65-санлы қарарына муўапық, Нөкис қаласы жолаўшылар транспортының жаңа тарифлери белгиленгени ҳаққында хабар берген едик.

Қарарға муўапық:
- қалалық жөнелисли автобус жөнелислеринде жолаўшыларды бир мəртелик тасыў хызмети 1000 (бир мың) сум;
- қалалық жөнелисли такси жөнелислеринде жолаўшыларды бир мəртелик тасыў хызмети 1500 (бир мың бес жүз) сум муғдарында белгиленген еди.

Бизге мәлим болыўынша, Нөкис қаласында автобус ҳәм жөнелисли таксилерде жолаўшыларды бир мәртелик тасыў хызмети ушын енгизилген жаңа тарифлер 2020-жыл 10-март күнинен баслап әмелге асырылады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған