Telegram karinform

Жәмийет

  • 16.03.2020 13:19
  • 999

Балалардың бақшаға келмеген күнлери ушын төлем қайта есапланады

Балалардың бақшаға келмеген күнлери ушын төлем қайта есапланады
Бүгиннен баслап барлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери карантин мақсетинде жабылады. Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги МШБШлар жабылған күнлер ушын төлем қайта есапланыўын қадағалайды. Бул ҳаққында Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги Баспасөз хызметине тийкарланып Қарақалпақстан хабар агентлиги хабар берди.
Сизлерден ҳаўлықпаўыңызды өтиниш етемиз. Бул илажлар пүткиллей профилактикалық мәниге ийе ҳәм халықтың саламатлығын тәмийинлеўге қаратылған.
Төмендеги тийкарғы сақланыў илажларына қатаң әмел етиўди усыныс етемиз:
-адамлар көп жыйналатуғын орынларға бармаў ямаса имканияты болғанша азайтыў (ғалабалық илажлар, базарлар, саўда – кеўилашар орайлар);
-нықаплар тағыў;
-грипп ямаса аязлаў белгилери бар болған инсанлар менен сөйлеспеў;
-үйге қайтып атырғаныңызда ҳәм жәмийетлик орынларда, транспортларда ҳәр қандай үстки бөлеклерди услағанда қолыңызды жақсылап сабын менен жақсылап жуўың ямаса бактерияларға қарсы антисептикалық қураллардан пайдаланың;
-қол берип көрисиў, қушақласыў ҳәм соған уқсас әдетлерди тәрк етиң;
-гаджетлер ҳәм оргтехникаларды турақлы түрде дезинфекциялаң;
-тек ғана өз жеке гигиеналық қуралыңыздан пайдаланың.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған