Telegram karinform

Жәмийет

  • 16.03.2020 17:02
  • 1328

Ҳаўаның ысыўын күтип атырғанлар ушын…

Ҳаўаның ысыўын күтип атырғанлар ушын…
«Өзгидромет» орайынан хабар етиўинше, бүгин ҳәм ертең елимизде жүдә жыллы ҳәм қурғақ ҳаўа райы сақланып турады. Ҳаўа температурасы 20-25 градус, елимиздиң шығыс, қубла ҳәм шөл зонасында 26-28 градусқа ысыйды. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлиги мәлим етти.
Сәршемби күни де елимиздиң үлкен бөлегинде ҳаўа-райы бурынғыдай жаўын-шашынсыз болады. Тек ғана Ташкент, Самарқанд, Жиззақ ҳәм Сырдәрья ўәлаятларында Каспий теңизи аймағынан ығаллы ҳаўа ағымының кириўи себепли кешқурын ҳәм азанда айырым жерлерге күшсиз жаўын жаўыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы азғана төменлейди ҳәм 18-23 градусты қурайды.
Пийшемби күни елимизде ҳаўа райының қуяшлы болыўы ҳәм температураның 23-25 градусқа шекем көтерилиўи күтилмекте.
Жума ҳәм шембиде Өзбекстан аймағына Каспий теңизи аймағынан және ығаллы ҳаўа ағымы киреди. Нәтийжеде шығыс-батыс ҳәм қубла-батыс районларда 20-март күни, орайлық, қубла ҳәм шығыс районларда 21-март күни айырым жерлерге жаўын жаўады. Самалдың тезлиги секундына 15-20 метрге шекем күшейиўи мүмкин. Сол күнлери ҳаўаның температурасы 18-23 градусқа шекем төменлейди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў