Telegram karinform

Жәмийет

  • 16.03.2020 17:22
  • 1596

Коронавирусқа шалынған наўқаслардың аўҳалы ҳаққында хабар берилди

Коронавирусқа шалынған наўқаслардың аўҳалы ҳаққында хабар берилди
Коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў бойынша зәрүр илажлар көрилмекте. Атап айтқанда, эпидемиологиялық сорастырыў және кеселлик тарқалып кетпеўи ушын барлық профилактикалық илажлар толық әмелге асырылмақта. Бул ҳаққында ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Жәмийетшилик пенен байланыслар бөлими хабар берди.

- Ҳәзирге шекем коронавирус инфекциясы дизимге алынған 6 наўқас клиникамызға жатқарылған. Олар Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң усынысларына муўапық, белгиленген стандартлар тийкарында емленбекте, - дейди Вирусологиялық илимий тексериў институтының директоры Эркин Мусабоев. – Наўқаслар шыпакерлер тәрепинен күни-түни медициналық қадағалаўға алынған. Улыўмалық жағдайы турақлы бақлаўға алынған. Ҳәзирги ўақытта наўқасларымыздың аўҳалы қанаатландырарлы дәрежеде.
Усы орында атап өтиў керек, коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў ҳәм усы инфекцияға шалынған наўқасларды емлеў ушын барлық шараятлар жаратылған. Атап айтқанда, медициналық мәкемелер зәрүр дәри-дәрмақлар және қәнигелер менен жетерли дәрежеде тәмийинленген. Сол себепли халқымыздан ҳаўлықпастан, жеке гигиеналық қағыйдаларға қатаң әмел етиўин сорап қаламыз.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған